12_Corr.png

Меннен неге қан кетип атыр?

Менструация, яки етек келиўи, бул ҳаялдың/қыздың денесинде ҳәр айда болып ѳтетуғын ҳәм оның саламатлығы ҳаққында хабар беретуғын медициналық процесс болып табылады.

Бул процесс дүнья жүзи бойынша ҳәр айда шама менен 1,8 миллиард ҳаял-қызларда болады.

Кѳпшилик қызларда етек келиўи орташа 10 жастан 15 жасқа шекемги болған дәўирде басланады.

Етек келиўи дәўиринде, шама менен үш күннен жети күнге шекем болған мүддет даўамында қыннан аз муғдарда қан ажыратылады. Бул қан жатырыңыздан келеди.

Биринши етек келиўи қызлардың жынысый жетилискенлигин ҳәм олардың енди ҳәмледар болып, перзентли болыўы мүмкин екенлигин билдиреди.

Қан келиўи, ҳаял-қызлардың репродуктив (жынысый) ағзасы ислеп турғанлығын ҳәм ҳәмледар болыўы (жынысый қатнаста болғаныңызда) мүмкин екенлигин аңлатады.

Айырым қызлар ушын етек келиў процеси орынсыз қорқыўға себеп болып, қорқынышлы түйилиўи мүмкин. Бул жағдай сизиң саламатлығыңыз ҳәм денеңиз дурыс раўажланып атырғанынан дәрек береди.

Егер сизде етек келиў дәўири ҳәм сол дәўирдеги күтим бойынша сораўларыңыз болса, ѳзиңиз жасайтуғын район поликлиникасы педиатры ямаса балалар гинекологына мүрәжат етсеңиз болады.

Менструация ўақтында қарынның астында ямаса белде аўырыў билинсе, ѳзиңизге қалай күтим кѳрсетиўиңиз мүмкин екенлиги ҳаққында “Мен не ушын етек келиў пайытында аўырыў сеземен?” темасындағы мақаланы оқысаңыз болады.

Keyingi