12_Corr.png

Мен не ушын етек келиў пайытында аўырыў сеземен?

Етек кири дәўиринде пайда болатуғын аўырыў – ҳаял-қызлардың жынысый ағзалары искерлигиниң тәбийий нәтийжеси болып табылады. Етек кири келгенде ҳаял организминде жатыр булшық етлерин қысқартыўшы гормонлар ислеп шығарылады. Нәтийжеде жатырдың ишки қабаты тазаланып, етек кири ажыралады. Етек кири ўақтындағы аўырыў дәл усы процесслердиң нәтийжеси.

Етек кири келгенде қысқа ҳәм жеңил кешетуғын аўырыўлар әдеттеги ҳал болып табылады. Олар күнделикли шынығыў ямаса жумыслар менен шуғылланыўға ҳеш қандай кесент етпейди. Бирақ, қызлар ҳәм ҳаяллардың гейпараларында аўырыў жүдә күшли болыўы мүмкин. Егер сенде күшли аўырыў пайда болса, районлық шаңарақ поликлиникасындағы аймақлық педиатр (балалар шыпакери) ямаса балалар гинекологына кѳриниўиң керек.

  1. Ѳзиңди еркин тут. Етек кири пайытында азыкем муғдарда темир элементин жоғалтасаң. Бул жағдай сениң денеңдеги энергияның пәсейиўине алып келиўи мүмкин. Тетик ҳәм кѳтериңки кейпиятта жүриўиң ушын сегиз саатлық уйқы режимине әмел ет.
  2. Кѳп суйықлық иш. Етек кири келгенде организм кѳп муғдарда суў жоғалтатуғынлығы себепли кѳп суў ишип жүриў бәрқулла пайдалы.
  3. Жеңил ҳәм баланслы диетаға әмел ет. Етек кири дәўиринде организмиң ең әҳмийетли болған витаминлерди жоғалтады ҳәм бул кейпияттың ѳзгериўине алып келеди. Сонлықтан, бул ўақытта кѳбирек мийўе-палыз ѳнимлерин қабылла.
  4. Егер сенде күшли аўырыў пайда болса, шыпакерге кѳрин ҳәм аўырыўға қарсы дәри қабылла.

Дәслепки етек кири мүддети ҳәм оның себеби ҳаққында қосымша мағлыўмат алыўды қәлесең, “Етек кири ҳаққында нелерди билиўим керек?” атамасындағы келеси мақаланы оқы.

Aldıng’ı Keyingi