Мен қалай ер жетип атырман …
Жынысый жетилисиў дәўири бул сениң денеңде актив түрде ѳзгерислер болатуғын ўақыт. Сен ѳсип ер жетесең. Бул сенде кешип атырған физикалық ѳзгерислер менен байланыслы болады. Бирақ жынысый жетилисиў дәўири қашан басланғанын қалай билиўге болады? Ол қашан тоқтайды?
Жынысый жетилисиў дәўиринде қандай физикалық ѳзгерислер болады?
Бойдың тез ѳсиўи бақланады. Қыз балалар ѳзи менен қатар ул балаларға қарағанда тезирек ѳседи. Бойлары жүдә тез ѳсип кетиўи мүмкин.
Кѳкирек безлери ѳсип баслайды. Жынысый жетилисиў дәўириниң ақырына келип қыз балалардың жүзлеринде, қолтық астында, аяқларында ҳәм шат әтирапында түклер ѳсип баслайды.
Дене ѳзине тән ийиске ийе болады. Жынысый жетилисиў дәўиринде айырым безлер кѳбирек май ислеп шығарып баслайды, ал тер безлери кѳбирек тер бѳлип шығарады.
Жанбас кеңирек болып, денеңниң пропорциясы ѳзгереди.
Қын ажыратпалары бѳлинип шығып, етек келиў басланады.
Жынысый жетилисиў дәўири қыз балаларда орташа 5-6 жыл даўам етеди. Әдетте 8-10 жасынан басланып, 14-16 жасында тоқтайды. Бирақ ҳәр кимде ҳәр қыйлы болады. Егер сенде ерте яки кеш басланса, бул саламатлығың тѳмен дегени емес. Ҳәр бир қыздың организми ѳзине тән ѳзгешеликке ийе. Жынысый жетилисиў мүддетине қоршаған орталықтың ҳәм генетиканың ҳәрдайым тәсири болады.
Бул дәўирде денеңде кешкен ѳзгерислерден қорықпа. Тынышсызландырған нәрселер ҳаққында ҳәрдайым ѳзиң исенген адамлар, яғный, анаң, апаң яки достың менен сѳйлессең болады.