Не себеп етек келместен алдын кѳкирек безлеринде аўырыў болады?
Егер етек келместен бир неше күн алдын кѳкиректе аўырыў сезсең буннан тәшўишленбе – бул пүткиллей нормал жағдай. Бул етек келиўден алдын пайда болатуғын белгилердиң бири. Сүт безлери ҳәм репродуктив система бир-бири менен тығыз байланысқан. Етек келиўден алдын организм прогестерон гормонын ислеп шығарып баслайды. Оның тәсиринде кѳкирек кѳлеми үлкейиўи, исиўи ҳәм сезимтал болып қалыўы мүмкин. Бирақ, кѳкирек безлериң ҳәр циклде де аўырмаўы мүмкин. Кѳкиректиң аўырыўы күшли яки жеңил болыўы мүмкин.
Етек кири келместен неше күн алдын кѳкирек аўырып баслайды?
Ораташа 7-10 күн алдын. Бул ҳәр қызда ҳәр қыйлы болып, гормонал баланс ҳәм етек келиў циклине байланыслы болады. Кѳкиректиң аўырыўы айырым ўақытлары етек келиў циклиниң 11-15 күнлери овуляциядан соң болыўы мүмкин.
Етек кири келместен алдын кѳкиректеги аўырыў қандай болады?
Еки кѳкирек безинде де бирдей орында, яғный ортанғы жоқарғы бѳлиминде (үрпилер туўрысында) аўырыў болады. Гейде, аўырыў қолтықларға жақын жерде болып, арқа ҳәм ийинлерде аўырыў болыўы мүмкин.
Кѳкирек толысып, кѳлеми үлкейип жумалақ формада болады. Бундай пайытлары кѳкирек сезимталлаў ҳәм услағанда қаттырақ болыўы мүмкин.
Аўырыў сызлап, созылмалы кешеди. Етек келместен еки ҳәпте алдын аўырыў әдетте жеңил болады, бирақ ўақыттың ѳтиўи менен ол күшейип, етек келиўге 2-3 күн қалғанда максимал интенсивликте болады.
Кѳкиректеги аўырыў бул етек келиў синдромы белгисиниң бири. Аўырыўды жеңип ѳтиў ушын ѳзиңе күтим қылыўға ҳәрекет ет, яғный, дурыс аўқатлан, спорт пенен шуғыллан ҳәм ѳзиңе қолайлы болған ишки кийимлерди кийип жүр.