Не ушын мениң кѳкирегимниң кѳлеми ѳспекте?
Сен ер жетип баслайсаң ҳәм денең де ѳзгерип атырғанын байқап баслайсан. Бул ѳзгерис досларыңа қарағанда ѳзгеше болыўы мүмкин. Бирақ буннан тәшўишке түспе. Себеби ҳәр бир организм ѳзине тән ѳзгеше болады. Кѳпшилик ѳзгерислер кѳзге тасланбай ѳтеди, бирақ тек ғана кѳкиректиң қәлиплесиўи булар қатарына кирмейди. Әлбетте, кѳкирек бир күнде ѳзгермейди, бул узақ даўам ететуғын процесс.
Дәслеп сүт безлери исип баслайды. Үрпилер орнында тығызланыў басланады. Үрпиниң кѳлеми үлкейип, реңи қаралтым болып ѳзгериўи мүмкин. Бул толық нормал жағдай.
Соң сүт безлери кѳлеми үлкейип баслайды. Гейде бул жүдә тез, ал гейде бир жыл даўамында кешеди. Ўақыттың ѳтиўи менен кѳкирек сондай болып қәлиплесиўи керек, яғный ареола (үрпи әтирапындағы қаралтым жери) ҳәм үрпи кѳкиректиң үстинрек бѳлиминде болыўы керек. Мине усы басқышта кѳкирек қалта таңлап пайдаланыўға болады. Ол қолайлы ҳәм майда сүйекшелерсиз болыўы керек.
Кѳкиректе аз муғдарда түклер ѳсип шығыўы мүмкин. Буннан тәшўишленбе, бул нормал жағдай. Буннан тысқары, ареола үстинде кишкене бѳртиклер ҳәм ноқатлар пайда болыўы мүмкин. Бул үрпини ығалландырып турыўшы без жумысының нәтийжеси. Бул жүдә керекли ҳәм әҳмийетли ѳзгешелик болып, ол бала туўғаныңнан соң жүдә зәрүрли болады.
Кѳкиректиң раўажланыўына қарай оның териси жуқарыўы, веналардың кѳринип баслаўы мүмкин. Егер кѳкирек тез пәт пенен раўажланып үлкейсе, тери сәл созылыўы мүмкин.
Әдетте, кѳкирек 15-16 жасқа шекем толық қәлиплесип болады, бирақ гейде басқаша болыўы да мүмкин. Кѳкиректиң ѳсиўи ҳәрдайым да ер жеткеннен соң тоқтамайды: кѳп нәрселер денеңдеги гормонал тең салмақлыққа ғәрезли болады.
Кѳкирек бир тегис ѳспейтуғынлығын есимизде тутыўымыз керек. Алдын шеп кѳкирек, кейин оң тәрептегиси ѳсиўи мүмкин, бул нормал жағдай. Денемиздиң ағзаларының ҳеш қайсысында да толық симметрия жоқ, сонлықтан кѳпшилик ҳаялларда бир кѳкиреги екиншисинен үлкенирек болады ҳәм бул дерлик ҳеш билинбейди.