Глаза.png

Не ушын ѳзимниң сыртқы кѳринисиме кеўлим толмайды?

Ѳзимиздиң сыртқы кѳринисимизге болған қатнас, ѳзимизди қалай сезиўимизге тәсирин тийгизеди. Егер ѳзиңе кѳринисиң унамаса, демек сен ѳзиңди басқалар менен салыстырасаң ҳәм олардың дәрежесине жетиўим қыйын деп ойлайсаң.

Бирақ, итибарды тартарлық кѳриниске ийе болыў тек ғана шырайлы кѳриниске ийе болыўды билдирмейди! Бир-биреўдиң итибарын тартыў кѳплеген факторларға байлансылы болады, яғный юморлық сезиминен баслап ҳәр бир адамның ѳзине тән хош ийисине шекем. Дүньяда сениң айнадағы кѳринисиңе байланысы жоқ миллионлаған нәрселер бар.

Ѳзиңди басқалар менен салыстырып яки ѳзиңде кемшилик излегеннен кѳре, ѳзиңе “ѳзимдеги қайсы тәрепим менен мақтансам болады? Мени не нәрсе басқалардан айрықша қылып тур?” деген сораўды бер. Ѳзиңниң денең қандай кѳриниске ийе деген емес, ал ол не нәрселер ислей алады деген сораўға дыққатыңды қарат.

Аяқларың шаққан болса спортта жеңислерге ерисесең, ал епшил бармақларың саз әсбапларын жүдә жоқары дәрежеде шертиўи мүмкин.

Бәлким кимниңдур даўысындағы эмоцияларды толық спектрда есите алатуғын сениң еситиў қәбилетиң жүдә жоқары шығар, яки адамлардың кийиминдеги ҳәр бир детальды кѳре алатуғын дәрежеде кѳзлериң ѳткир шығар? Яки узақ аралыққа жүзиўге ямаса қыстың күнинде қыйын тосықлы жерлерден жүрип ѳтиўге имкан беретуғын ѳкпең жүдә беккемдур?

Ѳз денең сениң ең жақсы жолдасың. Оның жәрдеми менен ѳзиңе унаған ҳәр бир исти ислеўиңе болады!

Aldıng’ı Keyingi