Сиз сораған едиңиз – биз жуўап беремиз: Дене ҳаққында (2-бөлим)
90-60-90 параметрлери нени аңлатады?
90-60-90 параметрли пишин – бул дене пишининиң бир түри болған «қум сааты». Бул жердеги үш санның ҳәр қайсысы ҳаял (қыз) денесиниң белгили бир параметрине тийисли. Бириншиси, көкирек қәпесиниң айланасы болып, ол ең шығыңқы бөлектен өлшенеди. Кейинги өлшем – қарынды бос тутып турғандағы оның ең жиңишке бөлегинен алынатуғын бел өлшеми болып табылады. Соңғы көрсеткиш – бул жамбастың әтирапы өлшеми, яғный бунда еки аяқты қосып турған ҳалда жамбастың ең кең бөлеги өлшенеди.
Белдиң нормадағы өлшеми қандай?
Нормал (саламат) бел әтирапы өлшеми сизиң бойыңызға байланыслы, бирақ, егер бел өлшеми ҳаяллар ушын 80 см ҳәм ер адамлар ушын 94 см ден артық болса, бойыңыз ямаса ДМИ (дене массасы индекси)*не қарамастан, салмағыңызды азайтыўды баслаўыңыз керек.
Бел - денениң жамбас ҳәм қабырғалар ортасындағы ең тар бөлеги. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң жәриялаўынша, белдиң толық әтирапы ер адамлар ушын 102 см ҳәм ҳаяллар ушын 88 см ден артық болса, бул адамның семиргенин билдиреди. Сондай-ақ, семирип кетиў, бел әтирапы узынлығының жамбасқа қатнасының ер адамлар ушын 0,9 ҳәм ҳаял-қызлар ушын 0,85 тен жоқары болыўы менен анықланады. Усы еки көрсеткишти бир-бирине бөлиў арқалы өзиңизди тексерип көрсеңиз болады. Мәселен, егер сизиң бел әтирапыңыз (қызлар ушын) 65 болып, сизиң жамбас әтирапыңыз 70 болса, онда 65/70=0,92, бундай жағдай семириўге жатады.
Азған ўақтыңызда денеңиздиң формасы өзгере ме?
Аўа, салмақ жоғалтқанда денеңиздиң формасы өзгереди. Ҳаял денесиндеги эстроген себепли май әдетте бөкседе ҳәм санларда топланады. Салмақ жоғалтқанда денениң бул бөлимлери жиңишкереди. Ер адамларда май тийкарынан қарында топланады. Артықша салмақты жойыў ер адамларда «пиво қарын» деп аталатуғын нәрседен қутылыўға жәрдем береди.
Ноль фигура деген не?
Бул сизиң физикалық жағдайыңызға қарай 76-56-81 см ден 90-71, 5-90 см.ге шекем болған көкирек-бел-жамбас параметрлерине сәйкес келетуғын өлшем болып табылады. Ноль көрсеткиши көбинесе анорексиядан (азғынлық) дәрек береди. Егер сиз ямаса сизиң жақынларыңыз сизиң салмағыңыз азлығынан қәўетерленсе, шыпакерге көриниўди усыныс етемиз.
*Дене массасы индексин былайынша есаплайсыз:
ДМИ = САЛМАҚ/(БОЙ)2 (Салмақ килограммда, бойдың узынлығы метрде есапланады).
ДМИ <18,5 - бул көрсеткиш дене салмағы жетиспеўшилигин көрсетеди;
ДМИ 18,50-24,99 - нормал дене салмағы;
ДМИ ≥ 25 - бул көрсеткиш артықша салмақты көрсетеди;
ДМИ ≥ 30 - бул көрсеткиш адамда семириўшилик бар екенлигин көрсетеди.