Шампунь қурамындағы қайсы затлар бас териси ҳәм шашларға зыянлы есапланады?
Шампуньлардың жүдә кѳп түрлери болады. Басымызды ҳәм шашларымызды жуўыў ушын ҳәр бир шаш түрине қарап, туўры келетуғын шампуньды жеке түрде таңлаў керек. Ҳәр қыйлы тәсирге ийе болғанлықтан (ығалландырыў, қайызғақ кетириўши ҳ.т.б.) шампуньлар қурамы ҳәр қыйлы болады.
Кѳпшилик жағдайларда шампунь қурамының дизими жүдә узын болады. Шашларыңа қайсысы пайдалы, ал қайсысы зыянлы екенлегин анықлаўың қыйын болыўы мүмкин.
Тѳменде, қолланыў усыныс етилмейтуғын шампунь қурамындағы ингредиентлерди кѳрсетип ѳтемиз:
- Сульфатлар (Sulfate). Шашлардың ѳзлериндеги тәбийий майларды жоқ етип, териниң қурғақ ҳәм сезимтал болыўына алып келеди.
- Парабенлер (Parabens). Косметикада кең тарқалған консервантлар. Бирақ, илимпазлар кѳп муғдардағы парабенлер инсан организми ушын зыянлы екенлигин анықлаған.
Шампуньлар қурамында ушырасатуғын парабенлерге мысаллар:
- Метилпарабен (Methylparaben).
- Изопропилпарабен (Iso Propylparaben).
- Этилпарабен (Ethylparaben).
- Изобутилпарабен (Isobutylparaben).
- Бутилпарабен (Butylparaben).
- Пропилпарабен (Propylparaben).
- Фталатлар (Phthalates). Организмде гормоналлық бузылыўларға алып келеди, сондай-ақ, қоршаған орталыққа да зыянлы.
- Формальдегид (Formaldehyde). Шампунь қурамындағы ең қәўипли зат есапланады. Ҳайўанларда ѳткерилген сынақ нәтийжесинде, ол тери арқалы ѳтетуғынлығы дәлилленген. Рак кеселлигин келтирип шығаратуғын белгили канцероген.
- Диметикон (Dimethicone). Топланыў қәсийетине ийе пластик зат есапланады. Шашларды жылтыр қылып, жалған кѳринис береди, ал негизинде ол шашларды майлы, аўыр, солғын ҳәм жансыз қылып таслайды. Бул, шашларды ҳәм бас терисин қаплаўшы пластик қабық болып, суў ҳәм азықлық затлардың териге сиңиўине тосқынлық етеди, бас терисиндеги тесикшелерди жаўып таслап, шаштың түсиўи ҳәм териниң түршигиўине алып келиўи мүмкин.
- Ретинил пальмитат (Retinyl palmitate). Тери менен контактта болғанда ретинолға айланады. Териниң қабыршақланыўы, қызарыўы ҳәм қышыўына алып келиўши, терини түршиктириўши зат.
- Спирт (Alcohol). Шашларды қурғақ ҳәм морт қылады. Спиртлер қурғақ шашларға зыянлы болып, әдетте ѳз атамасында «-проп-» сѳзине ийе болады, мысалы, изопропил спирти (Isopropyl alcohol) яки пропанол (propanol).
- Имидазолидинил (Imidazolidinyl). Терини ҳәм кѳзди ашытады.
Жоқарыдағыларды оқығаннан соң, шашларыңа ҳәм териңе зыян келтирмеў ушын шампунь қурамына еле де дыққатлырақ боласаң деп үмит етемиз.