Шампунь қурамындағы қайсы затлар бас териси ҳәм шашларға пайдалы есапланады?
“Шампунь қурамындағы қайсы затлар бас териси ҳәм шашларға зыянлы есапланады” атлы мақаладан биз шампунның қайсы қурамы бас териси ҳәм шашларға зыян келтиретуғынын билип алдық. Бүгин, шампунь қурамында қандай затлар болыўы кереклиги ҳаққында билип аласаң.
Қағыйдаға кѳре, ѳсимлик майлары, шѳплер ҳәм эфир майлары тәбийий ҳәм нәтийжели ингредиентлер болып есапланады. Бирақ, бул тәбийий яки ѳсимликлерден алынған қосымшалар, кѳпшилик жағдайда илимий атамасы менен кѳрсетиледи ҳәм булардың не екенлигин билимиўиз қыйын болады. Жақсы шампунды таңлаўыңа жәрдем бериў мақсетинде, ѳнимлердиң этикеткаларында кѳрсетилетуғын қәўипсиз ингредиентлердиң* дизимин келтирип ѳтпекшимиз :
- Натрий коко-сульфаты (Sodium coco-sulfate). Кокос майынан алынатуғын актив зат. Жақсы тазалаў қәсийетине ийе.
- Коко-глюкозид (Coco-glucoside). Ѳсимликлерден алынатуғын зат, кокос майынан алынады ҳәм шампунь кѳбигин пайда етеди. Шампунь қурамындағы глюкоза (қант) шашларды тазалайды ҳәм тегислейди.
- Децил глюкозид (Decyl glucoside). Мәкке крахмалы ҳәм кокос майынан алынатуғын зат, қурамында глюкоза бар. Бул бас терисин майсызландырады ҳәм жумсартады.
- Лаурил глюкозид (Lauryl glucoside). Мәкке крахмалы ҳәм кокос майынан алынатуғын зат. Бул бас терисин тазалайды ҳәм жумсартады.
- Натрий кокоил глутаматы (Sodium cocoyl glutamate). Кокос майы, мәкке ҳәм мийўе қантларынан (глюкозалар) алынатуғын зат. Тазалаў қәсийетине ийе.
- Натрий кокоил изетионаты (Sodium cocoyl isethionate). Кокос майынан алынатуғын тәбийий ѳним. Бул кѳбик пайда қылыўшы зат есапланады.
- Ѳсимлик глицерини (Vegetable glycerin). Рапс ѳсимлиги** яки кокос*** майынан алынатуғын зат. Бул шашларды ҳәм бас терисин ығалландырыўшы ҳәм жумсартыўшы зат есапланады.
- Калий сорбаты (Potassium sorbate). Айырым жемислер қурамында болатуғын дуз. Калий сорбаты шампуньда микробқа қарсы тәбийий зат есабында пайдаланылады.
- Стеарил цитрат (Stearyl citrate). Бас терисин ҳәм шашларды ығалландырып жумсартыўшы зат.
- Глицерил олеат (Glyceryl oleate). Бул да бас терисин ҳәм шашларды ығалландырыўшы зат.
- Ши майы (Butyrospermum parkii butter, shea butter). Ши тереги мийўесиниң шаңғалағынан алынады. Бас терисин ҳәм шашларды ығалландырып жумсартыўшы зат.
Билип қойған пайдалы: Жоқарыда атап ѳтилген ингредиентлердиң ҳәммеси тәбийий ѳнимлер болып, олар толығы менен тәбиятқа қайта араласады. (яғный, олар тәбиятқа қайта сиңип, жердеги топырақта ѳзлеринен кейин зыянлы затларды қалдырмайды).
* Бул кѳрсетилген ингредиентлер бас териси ҳәм шашлар бойынша қәнигелерди тәшўишке салмайтуғын ингредиентлер қатарына киреди. Бирақ соныда айтып ѳтиў керек, бул ингредиентлер таза, сап ҳалында зыянлы болыўы мүмкин. Бул затлардың шампунь қурамында дурыс дозада болыўы тийкарғы сыры есапланады!
**рапс майы — бул рапс деп аталыўшы ѳсимликтиң қара дәнинен алынатуғын май.
***кокос майы — кѳпшилик жағдайларда бул майды кокос жаңғағын жоқары температура астында сығыў арқалы алады.