Шашларымызды қандай мүддет аралығында алдырып турыўымыз керек?
Шашларымыз беккем ҳәм саламат болыўы ушын турақлы түрде алдырып турыўымыз кереклиги ҳәммемизге мәлим. Бирақ шашымызды алдыратуғын ўақыт келгенлигин қалай билсек болады? Шашымыз узын, қысқа, буйра яки тегис болыўына қарамастан, итибар бериўимиз керек болған бир қатар белгилер бар.
Тѳмендеги белгилер шашыңды алдырыў кереклигин кѳрсетеди:
- шаш ушларының тарамланыўы.
- бир бири менен уйпа-жуйпа болыўы.
- шаш ушлары жабысқақ болып қалыўы.
- шаш буйраларының ѳз қәлпин жойтыўы яки ѳзгериўи.
- Шаш ушларының жарылыўы яки бирнеше бѳлекке бѳлиниўи.
Егер ѳзиңде жоқарыдағы белгилерди бақласаң, шаш алдырыўды кѳпке созба. Шашларыңның саламатлығы ҳәм гѳззаллығы ушын жақын алты ай ишинде алдырыўың зәрүр.
Тѳмендегилерден шаш алдырыў бойынша жийи берилетуғын сораўларға жуўаплар аласаң.
Келте шашларды қандай мүддетте алдырып турыў керек?
Шашы келте адамлар шашлары беккем ҳәм шырайлы болып жүриўи ушын ҳәр еки - тѳрт ҳәптеде бир мәрте алдырғаны мақул.
Орташа узынлықтағы шашларды қандай мүддетте алдырып турыў керек?
Ҳәр сегиз – он еки ҳәптеде бир мәрте. Орташа узынлықтағы шашлардың ѳскенлиги оншелли кѳзге тасланбайды, сонлықтан, алдырыў аралығы сәл узақ болса болады.
Узын шашларды қандай мүддетте алдырып турыў керек?
Ҳәр алты айда бир мәрте. Узын шашлар жийи алдырып, күтим қылыўды талап етпейди.
Қалың шашларды қандай мүддетте алдырып турыў керек?
Ҳәр алты айда бир мәрте. Узын шашлар сыяқлы, қалың шашлар да жийи алдырып күтим қылыўды талап етпейди.
Буйра шашларды қандай мүддетте алдырып турыў керек?
Ҳәр алты айда бир мәрте. Буйра шашларды түйдеклеп қойыў мүмкиншилиги жийи алдырыўды талап етпейди.
Жуқа шашларды қандай мүддетте алдырып турыў керек?
Ҳәр тѳрт-алты ҳәптеде бир мәрте. Жуқа шашлар ѳскен ўақта, алдынғы алдырғандағы қәлпин сақлап қала алмайды. Сонлықтан, бундай шашларды тез-тезден алдырып турғымыз келеди.
«Шашларды қандай мүддетте алдырып турыў керек?» деген қыйын сораўға керекли жуўапты таптың ҳәм бул тема бойынша сораўлар қалмады деп үмит етемиз.