Шашларымызға зыян жеткизбестен феннен қалай дурыс пайдалансақ болады.
Фен – шашларды жуўғаннан соң тез кептирип, шырайлы қылып тарап ҳәм керекли қәлипке келтириўге жәрдем бериўши, жүдә пайдалы аксессуар. Заманагѳй қызлардың шашлары ѳзлигинен кебиўи ушын күтип отырыўға ўақытлары аз. Ал фенди пайдаланыў жүдә аңсат: розеткаға жалғап, түймесин басамыз ҳәм бары жоғы еки минуттан соң басқа жумысларымызды ислей берсек болады. Бирақ, фен менен шашларымызға зыян жеткизбестен дурыс кептириў жолларын ҳәммемиз де биле бермейди екенбиз. Тѳменде шашларымыздың саламатлығын сақлап қалыўға жәрдем беретуғын бир неше қәдемлерди келтирип ѳтемиз:
- Ығал шашлар жүдә нәзик болады. Жуўып болғаннан соң артықша суў қалдығын әсте сығып тасла, сүлги менен сүртпе, ал тек ғана сүлгиге сиңдирип ал.
- Ығал шашларыңды бир биринен жаздырыў ушын бармақларың менен яки тислери сийрек болған тарақ пенен тара.
- Фен менен кептирместен алдын шашларды сүлгиге орап шама менен 15 минут кептириў керек.
- Шашларды кептирместен бурын термоқорғаўшы ѳним сүртип ал.
- Шашларды дәслеп фен менен тѳмен температурада кептирип баслап, толық қурғақ болғанша кептириў керек. Қағыйдаға кѳре, шашларыңды кептириў ушын таңланған температура тери ушында қолайлы болыў керек. Буны фенди алақаныңыздың сыртқы тәрепине тутып кѳрип тексерип кѳрсең болады.
- Фенди тѳменге қаратып шашларыңнан 15 см аралықта услап тур.
- Шашларыңды избе-из бѳлип түйдекле. Жоқарғы бѳлимин үлкен заколка менен түйип қой ҳәм тѳменги бѳлиминен басла. Жоқарғы бѳлимдеги шашлар нәзик болып, оларға айрықша күтим менен қараў керек.
- Дѳңгелек қәлиптеги щетка феннен пайдаланғанда жақсы жәрдем береди ҳәм оның жәрдеми шашлардың кѳлемин сезилерли дәрежеде үлкейтиўге болады.
Таяр болды! Бул усыл шашлардың түсиўиниң алдын алып, оларды саламат қылады.