Шаш ушын арналған майлар: Қалай таңлаў ҳәм қолланыў керек?
Шаш ушын арналған майлардың тийкарғы функциясы бул шашларды азықландырыў есапланады. Ҳәр қыйлы майлар ҳәр қыйлы нәтийже кѳрсетиўи мүмкин: шаштың жақсы ѳсиўинен баслап, олардың беккемлениўи ҳәм жылтыраўына шекем жәрдем кѳрсетеди. Эфир майлары ѳсимликлердиң ѳзинен алынады. Майлар сол ѳсимликтиң ѳзине тән ийисине ийе болады. Мысалы, бир килограмм лаванда майын алыў ушын 220 килограмм лаванда гүллери керек болады. Кокос майы, Жожоба майы, бадам ҳәм зейтун майлары, ѳзинде майы болған ѳсимликлерден алынып, олардың ийиси бираз жумсақ болады.
Эфир майларын қалай пайдаланыў керек:
- Бул ушын саған бир неше тамшы эфир майы жеткиликли болады. Айырым майларды шампунь, кондиционер яки ѳзинде майы болған ѳсимликлер майы менен араластырыўға болады.
- Егер майды сап таза ҳалында бас терисине сүртсең, ол терини түршиктириўи мүмкин екенлигин умытпа. Майды қалай араластырыў кереклиги ҳаққындағы этикеткадағы кѳрсетпени оқып ал. Ҳеш қашан усыныс етилген муғдарынан артық пайдаланба.
- Егер ѳзиңде май қурамындағы ѳсимликке аллергия бар яки жоқ екенлигин билмесең, териге яки бас терисиндеги шаш бѳлимине сүртип, реакция бар яки жоқ екенлигин тексерип кѳр.
- Майды сүрткеннен соң басыңды сүлги менен орап қой яки жуўыныў ушын арналған бас кийим кий.
- Майды 30 минуттан соң жуўып таслап, түнде солайынша қалдырып ертеңине шампунь менен жуўып таслап яки жуўылмайтуғын кондиционер сыпатында пайдалансаң болады. Шашларыңа туўры келетуғын усылды ѳзиң таңла.
Шаш ушын арналған айырым майларды мысал ретинде кѳрип шығайық:
- Бурыш жалбыз эфир майы
Бурыш жалбыз эфир майы муздай болып тийиў ҳәм түйреў сезимин келтирип шығарыўы мүмкин. Ол сүртилген орында қан айланысын күшейтеди. Бул ѳз гезегинде шаштың ѳсиўин жақсылайды.
- Розмарин эфир майы
Универсал тәсирге ийе, яғный қайызғақты кетиреди, шаш дүзилисин тиклейди, шашты қалың ҳәм беккем қылады.
- Лаванда эфир майы
Лаванда эфир майы шаштың ѳсиўин тезлетеди. Ол сондай-ақ, микробқа ҳәм бактерияға қарсы қәсийетке де ийе болып, бас терисиниң саламатлығын беккемлейди.
- Тимьян эфир майы
Тимьян бас терисин жақсылап, шаштың ѳсиўин жақсылайды ҳәм шаш түсиўиниң алдын алыўға жақсы тәсир кѳрсетеди.