Шағын гардеробты қалай жаратыў керек (2-бөлим)
Алдынғы мақалада биз шағын гардеробты жаратыўдың 3 әҳмийетли қәдеми ҳаққында айтып өткен едик. Бүгин оннан кейин не ислеў керек екенлиги ҳаққында көрсетпелер аласыз.
Енди сиз шағын гардеробыңызды жобаластырғаныңыздан кейин:
- Кийимлериңиздиң арасында оған киргизгиңиз келмейтуғын барлық кийимлерден қутылың. Сизге жақпайтуғын, жараспайтуғын ҳәм кийиниў әдетиңизге сәйкес келмейтуғын ҳәмме затты алып таслаң.
Буны илажы болғанынша дурыс орынлаўды өтиниш етемиз. Сиз бул затларды сатыўыңыз ямаса қайырқомлық ретинде биреўге бериўиңиз мүмкин, ал ҳәммесин жөнсиз шығындыға таслап, планетаны патасламаң.
Өзиңизде бар заттан баслағаныңыз жүдә әҳмийетли, ал ҳәмме затты таслап жиберип, нольден басламаң. Бул пикир надурыс болып, бул ҳәрекетиңиз қымбатқа түседи.
- Реңлер үйлесимлилиги ҳәм кийиниў усылыңызға да итибар бериң. Универсал ҳәм бир-бирине үйлесетуғын тийкарғы кийимлерди сайлаң.
Модаға енди кирген затларды сатып алып атырғанда абайлы болыўыңызды мәсләҳәт етемиз. Себеби келешекте олар модадан қалып кетиўи мүмкин.
Сизге көрип шығып, шағын гардеробыңызға киргизиўди мәсләҳәт беретуғын тийкарғы кийимлеримиз:
- нейтрал реңли футболкалар;
- бир қара шалбар;
- бир ямаса еки джинси;
- кардиган;
- қара көйлек.
- Тек сапалы затларды сатып алың, себеби сиз бул кийимлерди жийи-жийи кийип турасыз ҳәм олар сизге узағырақ хызмет етеди. Өзиңиздиң қәлеўиңизге қарай сиз бир ямаса еки жазыўы (сүўрети) бар кийимди қоссаңыз болады. Үстки кийим, аяқ кийим ҳәм аксессуарларды да естен шығармаң.
Әне солай! Енди сиз шағын гардероб қандай болыўы керек екенлиги ҳаққында түсиникке ийесиз!