Қызлардың дүзилиси қандай болады?
Жынысый жетилисиў дәўиринде ҳаял адамның организми кѳплеген ѳзгерислерге дуўшар болады. Бул ѳзгерислер саламатлығыңа тәсир кѳрсетеди. Ѳз денеңниң қалай жумыс ислеўин билиў ҳәм оның анатомиясын түсиниў жүдә әҳмийетли.
Ҳаял адамның жынысый органлары бала туўыў ҳәм гормонлардың ислеп шығылыўына жуўап береди. Олардың барлығы киши жанбас бѳлиминде жайласқан болып, бир бири менен тығыз байланысқан болады. Кѳбинше вульва деп аталыўшы сыртқы жынысый ағзалар, ишки органларды жарақатлардан ҳәм зыянлы микроорганизмлерден қорғап турады. Сыртқы жынысый ағзаларға тѳмендегилер киреди:
- шат;
- қынның үлкен ерни;
- қынның киши ерни;
- клитор;
- қынның кирер аўзы.
Сырттағы вульвадан басқа, ҳәр бир ҳаял организми ишинде бала туўылыўы ҳәм жынысый гормонлардың қәлиплесиўине жуўап бериўши толық бир пүтин система жайласқан. Бул система тѳмендегилерден ибарат:
- жатыр;
- мәйеклер;
- қын ямаса вагина;
- қызлық перде;
- фаллопия найшасы.
Егер денеңниң дүзилисин билсең, оның қалай жумыс ислеўин ҳәм онда қандай процесслер болып атырғанлығын жақсырақ түсинесең. Бул сениң ѳзиңе болған исенимди арттырады.
Етек келиў дәўиринде ѳзиңдеги ҳәр бир аўырыўлар яки қолайсызлықларға дыққат қаратыўың, интим гигиена қағыйдаларын сақлаўың зәрүр.
Егер ѳзиңде қандай да бир аўырыў сезсең, буған шыдап жүрместен, бул ҳаққында дәрҳәл анаңа яки ѳзиң исенген ересек адамға айт ҳәм олар менен биргеликте гинеколог шыпакерге хабарласың.