Қысқы гардеробты биргеликте жыйнаймыз!
Жақсы жыйналған гардероб ҳәр қыйлы жағдайларда кийиў мүмкин болған сапалы классикалық кийимлерди өз ишине алса узақ мүддетке ақшаңызды үнемлейди.
Солай етип, қысқы шағын гардероб ушын 20 тийкарғы нәрсе.
- Пальто. Қыста түйе жүнинен исленген классик пальто жүдә керекли нәрсе болып табылады. Жеке стилиңизге сай реңди таңлаң: ол қара, пил сүйеги реңли ямаса басқа қәлеген реңде болыўы мүмкин.
- Жаўынға қарсы куртка ҳәм қысқы куртка. Жаўында ямаса қарда кийетуғын суў өткермейтуғын курткалар қысқы дем алыс ямаса ҳәптениң ақырында ямаса азанда жуўырғанда керек болады.
- Узын кардиган. Әсиресе, суўық күнлери үйде кийиўге жүдә қолайлы.
- Келте кардиган. Биз әдетте қыста қабатлап кийинемиз. Бундай жағдайда, келте кардиган бөлме температурасына қарай кийиў ямаса шешиў ушын қолайлы, әжайып нәрсе болып табылады.
- Қалың свитер. Қыста суўықтың шамасына қарап, сизде ҳәр қыйлы қалыңлықтағы бир нешше свитериңиз болғаны мақул.
- Орташа қалыңлықтағы свитер.
- Жуқа свитер.
- Узын свитер.
- Узын жеңли топик (үстки кийим). Бир-еки топик ҳәр қандай гардеробтың сәни.
- Көйлек. Свитер-көйлек – қыста әжайып нәрсе, ол адамға шырай бағышлап, жыллылықты да жақсы сақлайды. Оны жумысқа ямаса байрам кешесине кийсеңиз болады.
- Юбка. Сизиң мода усылыңызға сәйкес келетуғын юбканы таңлаң.
- Көк яки ашық-көк джинси шалбарлар. Ҳәр бир гардеробта көк ҳәм қара джинси шалбарлар болыўы керек, себеби олар қәлеген кийим менен жараса береди.
- Қара джинсы шалбарлар.
- Шәтлеңки шалбарлар. Оларды джинсылар менен алмастырып кийсеңиз болады.
- Леггинслер. Бул да бир универсал кийим.
- Кроссовкалар. Жылдың қәлеген ўақтында күнделикли тәризде кийиў ушын кроссовкалар керек. Буннан тысқары, ақ реңли кроссовкалар универсал ҳәм дерлик қәлеген кийим менен жарасады.
- Ботильонлар. Жаўында да, қарда да бул аяқ кийим аяқларыңызды жыллы сақлайды.
- Узын қонышлы етиклер. Оларды джинсы шалбар ямаса юбка менен кийсеңиз болады. Егер сиз дизеден төмен ямаса дизеден жоқары болған етиклерге қызықпасаңыз, оның орнына өкшели батильонларды сатып алсаңыз болады. Олар джинсы шалбар, юбка ямаса көйлек пенен де түседи.
- Үлкен сумка. Бул сумка жүдә керек нәрсе: олар күнделик турмыс ушын идеал сай келеди.
20. Қалпақ. Бул аксессуар жәрдеминде сиз өзиңиздиң жеке көркемлигиңизди көрсетиўиңиз мүмкин.
Сиз қысқы гардеробыңызды таярладыңыз ба? Төмендеги комментарийлер бөлиминде оған нелерди киргизгениңизди айтың!