Өзиңиздиң шағын гардеробыңызды жаратыў ушын 4 себеп

Шағын гардероб – бул бир-бирине сәйкес келетуғын кийимлердиң әпиўайы жыйындысы. Көбинесе, бул модадан қалмайтуғын нейтрал реңлердеги классикалық кийимлер. Шағын гардероб сизге азғана кийим-кеншек пенен ҳәр қыйлы көринислерди жаратыў мүмкиншилигин береди.

Келиң, бундай гардеробтың қаншелли жақсы екенлигин ҳәм оның қандай артықмашлықлары бар екенлигин көрип шығайық.

  1. Нени кийетуғынлығыңызды анықлаў аңсат.

Егер сизде шағын гардероб болса, сиз тек өзиңиздиң жақсы көретуғын ҳәм өзиңизге қолай кийимлерди кийесиз. Сол себепли, сизиң шкафыңызда тек өзиңиз унататуғын затлар болса, қайсы кийимди таңлаўыңыз әдеттегиге қарағанда жеңилирек.

  1. Ўақтыңызды үнемлейсиз.

Илимпазлардың анықлаўынша, ҳаял (қыз) өмири даўамында орташа 287 күнди кийиўге кийим таңлаў ушын шешим қабыллаўға жумсайды!

Шағын гардероб пенен кийим таңлаўға ўақыт жумсамайсыз, себеби гардеробтағы барлық нәрселер бир-бири менен үйлеседи ҳәм шырайлы көринеди.

  1. Шкафыңыз мудамы тәртипли, затлар пухта жыйналған, тәртипти сақлаў аңсат.

Кийим қанша аз болса, шкафты тәртипке салыў сонша аңсат болады. Буннан тысқары, керекли затты табыў аңсат ҳәм тез.

  1. Ғәрежетлерди үнемлеў.

Шағын гардероб артық ҳәм керексиз сатып алынған нәрселерден қутылыўға жәрдем береди. Кийим-кеншектиң тийкарғы жыйнағын топлап болғаныңыздан соң, оның барлық артықмашлықларын сезесиз. Енди таза кийим сатып алып атырғанда жүдә абайлы болатуғынлығыңыз анық, себеби сиз енди керексиз ҳеш нәрсе қосыўды қәлемейсиз.

Егер сиз алдын шағын гардеробтың не екенлигин билмеген болсаңыз, бул мақала сизди ҳәзирги гардеробыңызды өзгертиўге ҳәм өзиңиздикин жаратыўға илҳамландырады деп үмит етемиз!

Aldıng’ı