Ескертиўши белгилер: шыпакерге қашан мүрәжат етиў керек?
Қышыныў, жағымсыз бәд ийис яки тосаттан пайда болған қолайсызлықлар әпиўайы тынышсызланыў емес, бәлким микрофлораның теңсалмақлылығы бузылғанының белгиси болыўы мүмкин. Айырым пайытлары бундай белгилер өз-өзинен өтип кетеди, бирақ, айырым жағдайларда күтип отырмастан дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиў әҳмийетли.
Қандай белгилерди итибарсыз қалдырыўға болмайды?
❌ Тынымсыз қышыныў ҳәм ашыў – инфекция яки аллергиялық реакция белгиси болыўы мүмкин. Егер гигиеналық қуралларды өзгерттиргеннен кейин де жоқ болып кетпесе, шыпакерге мүрәжат етиў керек.
❌ Дәстүрий емес суйықлықлар – егер суйықлықлар жүдә көп ҳәм реңи өзгерген болса (сары, жасыл, күлрең) ямаса бәд ийис пайда болса, бул бактериал теңсалмақлылық бузылғаны яки инфекция барлығын билдириўи мүмкин.
❌ Қарынның төменги бөлиминде аўырыў – әсиресе, ол жағымсыз (көп муғдарда) суйықлықлар ямаса бәд ийис пенен бирге болса, бул аязлаў менен байланыслы болыўы мүмкин.
❌ Жоғалмайтуғын бәд ийис – егер ҳәттеки душ қабыллағаннан кейин де жағымсыз ийис бар болып атырған болса, бул бактериал вагиноз ямаса басқа машқалалар белгиси болыўы мүмкин.
❌ Сидик шығарыўда аўырыў ҳәм ашыў – бул сидик жолларында инфекция барлығының белгиси болыўы мүмкин.
❌ Турақлы болмаған яки жүдә аўырыўлы етек келиў – егер етек келиў цикли бузылған яки жүдә күшли аўырыў менен өтсе, гормонлар ҳәм репродуктивлик саламатлық пенен байланыслы машқалалар жоқлығын тексериў әҳмийетли болады .
Не ислеў керек?
- Өзбасымшалық пенен емлеўге урынбаң – базы ғалабалық “үй шараятында емлеў усыллары” жағдайды тек ғана жаманластырыўы мүмкин.
- Симптомларыңызды (белгилерин) жазып барың – бул шыпакерге машқаланы жақсырақ түсиниўге жәрдем береди.
- Жәрдем сораўдан уялмаң – денсаўлық ҳәр қандай қорқыўдан әҳмийетлирек!
Өз денсаўлығыңызға абайлаңқырап жантасыў тек ғана гигиена емес, бәлким өз денеңизге итибар қаратыў болып есапланады.✨
Kейинги мақаламызда интим гигиена қуралларын дурыс таңлаў туўралы сөйлесемиз!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)