Биринши етек келиў: күтиў керек пе яки шыпакерге барыў ўақты келди ме?
Биринши етек келиў (menarxe) – ҳәр бир қыз ушын әҳмийетли басқыш есапланады. Бирақ, егер етек келиў узақ ўақыт басланбаса, күтиў мүмкин бе ямаса шыпакерге барыў керек пе? Келиң түсинип аламыз!
✅ Қайсы жағдайлар нормал есапланады?
- Сиз 9-15 жастасыз. Биринши етек келиў әдетте 9 дан 15 жасқа шекем басланады. Биреўде алдын, айырымларда болса кейинирек басланыўы мүмкин – бул генетика, дене массасы, күнделикли турмыс тәризи ҳәм саламатлыққа байланыслы болады.
- Ержетиўдиң басқа белгилери раўажланады. Егер көкирек қуўыслығы үлкейсе, қыннан суйықлық келсе, дене "үлкен" болып қалса, демек, oрганизм таярлық көрмекте ҳәм тез арада етек келиў басланады.
- Анаңыз яки әжапаңызда етек келиў кеш басланған болса– айырым пайытларда етек келиў цикли шаңарақлық қәсийет сыпатында кеш басланыўы мүмкин.
Қашан шыпакерге барыў керек?
- Сиз 16 жасқа толдыңыз, лекин, етек келиў еле басланбады – бул организмниң өзине тәнлиги болыўы мүмкин, бирақ, шыпакер менен мәсләҳәтлескен әҳмийетли болады.
- Ержетиў белгилери жүдә пассив раўажланса – мәселен, көкирек дерлик үлкеймесе ямаса бойыңыз теңлеслериңизден бираз пәс болса, шыпакер менен мәсләҳәтлесиў усыныс етиледи.
- Салмағыңыз кескин өзгерди – жүдә тез азып кетиў яки керисинше, артық салмақ топлаў гормонал теңсалмақлылыққа тәсир етип, етек келиўди кешиктириўи мүмкин. Соның ушын саламат аўқатланыў ҳәм жақсы кейпият әҳмийетли!
- Спорт пенен ҳәдден тысқары шуғылланасыз – жүдә күшли физикалық шынығыўлар бираз мүддетке етек келиўди кешиктириўи мүмкин, лекин бул әдетте ўақытша жағдай саналады.
Егер етек келиў кешигип атырғаны сизди тынышсызландырып атырған болса, анаңыз яки жақын инсаныңыз бенен шыпакерге барыў усыныс етиледи. Көпшилик жағдайларда бул әпиўайы индивидуал қәсийет болса да, мәсләҳәт алыў– исенимлирек!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)