34

Эндометриоз: Не ушын аўырыўлы етек келиў әдеттегидей жағдай емес?

Егер ҳәр ай етек келиў алдынан яки етек келиў пайытында оқыўға, жүриўге ямаса ҳәттеки орныңыздан турыўға кесент беретуғын дәрежеде күшли аўырыўды сезсеңиз, бул организмдеги қандайда бир машқала ҳаққында сигнал болыўы мүмкин. Mәселен, бул әйтеўир "организмниң өзине тәнлиги " емес, бәлким эндометриоздың белгиси болыўы мүмкин.

Эндометриоз – жатырдың силекей қабатына уқсас клеткалар оның сыртында (жуп жыныс безлери, қарын қуўыслығы, ишеклер ҳәм басқа ағзаларда) өсе баслайтуғын кеселлик.

  • Эндометриоз бар екенлигин қалай билиў мүмкин?

⚠ Әҳмийетли! Бир мәртелик күшли аўырыў – тәшўишлениў ушын себеп емес. Лекин, егер бундай белгилер ҳәр айда тәкирарланса, итибар берип, шыпакер менен мәсләҳәтлесиў керек!

Етек келиўден алдын ҳәм етек келиў пайытындағы күшли аўырыўлар. Тек ғана қолайсызлықлар емес, бәлким бир неше күн даўам ететуғын ҳәм аўырыў қалдырыўшы қуралларсыз өтип кетпейтуғын күшли спазмлар.

Ишек пенен байланыслы машқалалар. Етек келиў пайытында қарынның желлесиўи, иштиң қаталаўы яки иштиң өтиўи, қатты шаншыў болыўы мүмкин. Айырым пайытлары, үлкен дәретке барыўы да аўырыўлы болады.
Узақ ҳәм көп қан кететуғын етек келиў. Егер етек келиў 7 күннен артық даўам етсе яки қан қойыўласып шықса, бул қәўетерли белги болады.
Цикл даўамында қарынның төмениндеги аўырыў. Kүнлердиң қәлеген биринде тартыўшы ямаса басымды сезиўши қолайсызлық болыўы мүмкин.

Эндометриоз қалай анықланады?

Шыпакер мүрәжатларыңыз тийкарында гүман етип, қосымша тексериў, мәселен, киши жамбас сүйеги ағзаларын УДТ (ультра даўыс тексериўи) н усыныс етиўи мүмкин.

Эндометриоз қалай емленеди?

Гормонал терапия. Шыпакер гормон дәрилерин буйырыўы мүмкин, олар кеселлик раўажланыўын қадағалайды.
Аўырыў қалдырыўшы қураллар. Айырым пайытларда симптомларды жеңиллестириў ушын усыныс етиледи.

Жуўмақ:

Егер ҳәр ай етек келиўиңиз жүдә күшли аўырыўлар, узақ даўам ететуғын қан кетиў яки ишек пенен байланыслы машқалалар менен өтсе, буны итибарсыз қалдырмаң! Қаншелли ерте диагноз қойылса, соншелли аңсат қадағалаў мүмкин! ❤️

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi