40

Гинеколог шыпакерге биринши рет барғанда нелерди күтиўге болады?

Гинеколог шыпакерге көриниў ушын биринши рет барғанда албыраўшылық болыўы мүмкин, бирақ, усыны билиў керек, бул көриниў саламатлығыңызға ғамқорлық  етиў жолындағы әпиўайы бир қәдем болып есапланады. Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң (ДДСШ) соңғы усынысларына көре, қызларға профилактикалық мақсетте гинекологқа биринши рет барыў 13-15 жас арасында усыныс етиледи, әсиресе, егер өз денеңиз ямаса етек келиў циклиңиз ҳаққында сораўларыңыз болса. Усы көриниў ушын барыў тек ғана сораў жуўап тәризинде өткериледи ҳәм оған анаңыз бенен келиўиңиз усыныс етиледи.  

Биринши көриниўге барғанда не нәрсе болады?

  • Сәўбетлесиў

Биринши қабыллаўда гинеколог әдетте сиз бенен әпиўайы сәўбетлесиў алып барады, улыўма аўҳалыңыз ҳәм етек келиў циклиңиз ҳаққында сорайды. Бул денеңиз, гормонал өзгерислер ҳәм сезим -туйғыларыңыз туўралы ашық түрде сөйлесиў ушын имканият болады. Шыпакер етек келиў қалай өтиўи, аўырыў яки басқа белгилер бар-жоқлығын сораўы мүмкин. Егер жеке сораўларыңыз болса, оларды биймәлел бериўиңизге болады– шыпакер сизди түсинеди ҳәм жәрдем береди.

  • Улыўма денсаўлығыңызды тексериў

Айырым пайытлары гинеколог улыўма тексериў өткереди, мәселен, қан басымыңызды өлшейди ҳәм улыўма саламатлығыңызды баҳалайды.

  • Гигиена ҳәм күнделикли мәсләҳәтлер

Гинеколог өзиңизге қандай дурыс ғамқорлық етиў ҳаққында мәсләҳәтлер бериўи мүмкин. Бул усыныслар қолайсызлықларды сапластырыў ҳәм инфекциялардан сақланыўға жәрдем береди. Мәселен, ишки кийимди қалай таңлаў, етек келиў дәўиринде гигиенаға әмел етиў ҳәм гормонал теңсалмақлылық ушын әҳмийетли болған дурыс аўқатланыў туўралы усыныслар болыўы мүмкин.

Неге бул әҳмийетли?

Гинекологқа барыў сизиң денеңиз ҳәм денсаўлығыңыз ҳаққында көбирек мағлыўмат алыўға жәрдем береди ҳәм де организмиңизде жүз берип атырған өзгерислерди түсиниўге ҳәм оларға таярланыўға мүмкиншилик жаратады. Бул, сондай-ақ, қолайсыз түйилиўи мүмкин болған, лекин, негизинде жүдә әҳмийетли сораўларды бериў имканияты саналады.

Оған қандай таярлық көриў керек?

Сораўларды алдыннан жазып қойың. Бул шыпакерге сизди не нәрсе тәшўишке салып атырғанын жақсырақ түсиниўге көмек береди.

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi