45

Гормонал дәрилер – ойыншық емес! Не ушын оларды шыпакер көрсетпесисиз қабыллаў мүмкин емес?

Гормонал дәрилер мәзи "витаминлер" яки "зыянсыз таблеткалар" емес. Олар организмдеги керекли процесслер: бой өсиўи, затлар алмасыўы, етек келиў цикли, териниң жағдайы ҳәм ҳәттеки кейпиятты басқарады. Бирақ, гормонал дәрилерди шыпакер көрсетпесисиз қабыл етсеңиз не болады? Keлиң, түсинип алайық!

Не ушын айырым адамлар гормонларды шыпакердиң көрсетпесисиз қабыл етеди?

- Қурдасым безеўлерге ем болғанын айтты

- Блогер идеал цикл ушын "сыйқырлы таблеткалар"ды усыныс етти.

- Денем менен байланыслы "машқалалар"ды тезирек шешиўди қәлеймен.

Бирақ, керексиз ҳәм қәнигениң көрсетпелерисиз гормонал преператларды қабыллаў қәўипли екенлигин билесиз бе?

Бул қандай зыян жеткериўи мүмкин?

Гормонал теңсалмақлылығының бузылыўы– организм өз гормонларын жетерли муғдарда ислеп шығарыўын тоқтатыўы мүмкин.
Унамсыз тәсирлери – артықша салмақ, шаш түсиўи, тери машқалалары, кейпият өзгериўи.
Аўыр кеселликлер қәўпи – тромбоз (қан тамырларында қан тромбының пайда болыўы), етек келиўи циклиниң бузылыўы, репродуктив саламатлық пенен байланыслы машқалалар).
Mашқаланы жасырыў – безеўлер яки етек келиўиниң бузылыўы  әпиўайы қолайсызлық емес, бәлким организмдеги машқалалар ҳаққында белги болыўы мүмкин.

Не ислеў керек?

✔ Егер териңиз, циклиңиз яки салмағыңыз бенен байланыслы машқалалар болса, тек ғана шыпакерге мүрәжат етиң – ол анализлер ҳәм тексериўлер тийкарында тап сизге сай емлеў усылын таңлайды .
✔ Teксериў ҳәм анализлерсиз гормонларды ҳеш қашан былайынша дәриханадан сатып алып ишпең. Олар тек безеўлерге ямаса етек келиўге емес, бәлким барлық органларға тәсир етеди.
✔ Интернеттеги мәсләҳәтлер яки қурдаслардың усыныслары– бул медициналық көрсетпе емеслигин умытпаң! Керисинше, олар саламатлығыңызға әдеўир зыян жеткериўи мүмкин.

Жуўмақ:

Гормонал дәрилер өзиңизди "жақсылаў"дың әпиўайы усылы емес, бәлким қәўипли дәрилер есапланады! Саламатлығыңызды абайлаң ҳәм тек ғана қәнигелерге исениң!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi