Гормонал емлениў себепли семирип кетиўден қорқып атырсыз ба? Анықлық киргиземиз!
Kөп қызлар шыпакер тәрепинен буйырылған гормонал дәрилерди қабыллағаннан кейин артықша салмақ топлаў мүмкинлигинен қәўетерленеди. Әсиресе, гәп етек келиў цикли бузылыўлары ҳаққында кеткенде. Бирақ, ҳақыйқаттан да гормонал дәрилер семириўге алып келеди ме? Келиң, буны түсинип алайық !
Гормонлар ҳәм салмақ: әпсана яки ҳақыйқат?
- Гoрмонал дәрилер өз-өзинен семириўге алып келмейди. Айырым дәрилер организмде суўды услап қалыўы мүмкин, лекин бул май емес, ўақытша жағдай болып, өз-өзинен жоқ болып кетеди.
- Сизге қандай гормонлар усыныс етилиўи әҳмийетли. Заманагөй дәри қураллары түрли қурамларға ийе болып, олардың көпшилиги салмақ өзгериўине себепши болмайды.
- Айырым гормонлар иштейди асырыўы мүмкин. Сол себепли, семириў дәрилердиң тәсири сыяқлы түйиледи, негизинде болса бул аўқат жеўдиң артыўы нәтийжесинде жүз береди.
- Затлар алмасыўы да үлкен әҳмийетке ийе. Егер сизде гормонал бузылыў болса, дурыс емлеў, керисинше денеңиздиң ҳәрекетлениўин жақсылап, салмақты нормаға келтириўге жәрдем береди.
Гормонал дәрилерди қабыллаўда қалайынша салмақ артыўының алдын алыў мүмкин?
- Аўқатланыўға итибар бериң. Kүнделикли тутыныўыңызда белок, овощ ҳәм пайдалы майлар көбирек болыўы, фастфуд ҳәм кондитер өнимлери кемирек болыўы керек.
- Жетерлише суў ишиң. Бул организмде суйықлық топланып қалыўының алдын алады.
- Актив болың. Ҳәттеки ҳәр күни қысқа сейилде денедеги балансты сақлаўға жәрдем береди.
- Албыраўшылыққа түспең. Егер сизди қандайда бир нәрсе тәшўишке салып атырған болса, шыпакериңиз бенен мәсләҳәтлесиң – ол сизге ең пайдалы препаратты таңлап береди.
Жуўмақ: Гормонал дәрилер организм теңсалмақлылығын тиклеўге жәрдем береди ҳәм салмақтың кескин артыўы көбинесе таблеткалар менен емес, бәлким күнделикли турмыс тәризи менен байланыслы болады. Қәнигеге исениң, ҳәммеси жақсы болады!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)