Интим гигиена ушын қандай қураллардан пайдаланған мақул?
Интим гигиена тазалығына ғамқорлық етиў күнделикли күтиниўдиң әҳмийетли бөлими болып табылады. Бирақ, ҳәмме қураллар да пайдалы емес– айырым қураллар микрофлораны бузыўы ҳәм қолайсызлық келтирип шығарыўы мүмкин. Келиң, не нәрселер пайдалы, не нәрселерден бас тартыў кереклигин түсинип аламыз.
✅ Не нәрселерден пайдаланыў мүмкин?
- Жыллы суў – тазалаўдың ең қәўипсиз ҳәм тәбийғый усылы. Айырым пайытлары тек ғана суўдың өзи жетерли болады!
- Арнаўлы интим гигиена геллери яки көбиклери – микрофлора қәсийетлерин есапқа алған ҳалда ислеп шығылған болып, қурамы жумсақ ҳәм тәбийғый pH теңсалмақлылықты сақлап турады (саламат қынның pH дәрежеси 3.8–4.5, соның ушын қураллар усыған уқсас көрсеткишке ийе болыўы керек). Қурамды тексериў ушын өнимниң ярлигинде "pH-баланс", сүт кислотасы ҳәм агрессив сульфатлар (SLS, SLES) жоқлығын излең.
- Спирт ҳәм әтирсиз бир мәртелик ығал салфеткалар– жуўыныў имканияты болмаған жағдайларда пайдалы болыўы мүмкин. Бирақ, олардың қурамын тексериў оғада әҳмийетли: егер ингредиентлер арасында "Alcohol", "Ethanol" яки "Isopropyl Alcohol" болса, бул салфеткалар терини қурғақлатыўы ҳәм тәсирлениўине алып келиўи мүмкин.
❌ Нелерден бас тартыў керек?
- Әпиўайы сабын ҳәм душ гели – олар жүдә агрессив болып, терини қурғатады ҳәм микрофлораны бузады.
- Ийислендирилген гигиеналық ҳәм күнлик прокладкалар – олар ийислерге қарсы гүрессе де, көбинесе аллергия ҳәм тәсиршеңлик қәсийетин келтирип шығарады.
- Спиртли ығал салфеткалар– пайдалы түйилиўи мүмкин, лекин қурамындағы спирт себепли ашыў ҳәм қурғатыў итималы жоқары болады.
- Интим бөлими ушын спрейлер ҳәм дезодорантлар – олар машқалаларды шеше алмайды, тек ғана ийислерди жасырады ҳәм қолайсызлық келтирип шығарыўы мүмкин.
Тийкарғы қағыйда – кемирек агрессив қураллар, көбирек абайлаңқырап күтиниў керек!
Keйинги мақаламызда етек келиў пайытында қандай дурыс күтиниў кереклиги ҳаққында сөйлесемиз! ✨
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)