35

Не ушын интим тараў микрофлорасына итибар бериў әҳмийетли?

Oрганизмимизде пайдалы бактериялар жасайтуғыны ҳаққында еситкенсиз бе? Олар ишеклер де, тери де ҳәм ҳәттеки қын тараўында да бар. Бул көринбейтуғын қорғаўшылар микрофлора деп аталады ҳәм сизди зыянлы микроблардан қорғайды. Бирақ, оның теңсалмақлылығы бузылса, қолайсызлық ҳәм ҳәр қыйлы машқалалар пайда болыўы мүмкин.

Mикрофлораны не нәрсе бузыўы мүмкин?

Ҳәдден тысқары шомылыў ҳәм надурыс гигиена қуралларынан пайдаланыў –  aнтибактериаллық сабын яки әпиўайы душ гелинен тез -тез пайдаланыў тек ғана зыянлы, бәлким пайдалы бактерияларды да өлтириўи мүмкин.
Әтирленген гигиеналық қуралларды ислетиў – ийисли прокладкалар ҳәм интим гель қурамындағы химиялық затлар тәсирлениў ҳәм аллергияны келтирип шығарыўы мүмкин.
Синтетикалық ҳәм жүдә тар ишки кийим кийиў – синтетикалық гезлеме ҳаўаны өткермейди, нәтийжеде зыянлы микроблар тезирек көбейеди.
Aнтибиотиклерди қадағалаўсыз қабыл етиў – бул дәрилер тек зыянлы емес, бәлким пайдалы микроорганизмлерди де жоқ етеди, нәтийжеде микрофлора теңсалмақлылығы бузылады.
Турақлы стресс ҳәм шаршаў – ашыўланыў иммунитетти пәсейттиреди, бул болса зыянлы бактериялардың көбейиўине себеп болыўы мүмкин.

Mикрофлораны қалай сақлап қалыўға болады?

✅ Жыллы суў ҳәм нейтрал pH (ph = 7) ге ийе жумсақ гигиеналық қуралларынан пайдаланың
✅ Пахталы(натурал гезлемелер) ишки кийим кийиң – ол териниң "дем алыўын" тәмийинлейди
✅ Гигиеналық прокладкаларды ҳәр 3–4 саатта алмастырың
✅ Kөбирек суў ишиң ҳәм дурыс аўқатланың
✅ Шыпакер усыныс етпесе антибиотиклерди қабылламаң

Интим микрофлора ҳаққында ғамқорлық етиў – бул өз денсаўлығыңызға болған итибарыңыз болып табылады!

Keйинги мақаламызда қайсы ескертиўши белгилерди итибарсыз қалдырмаў ҳәм қашан шыпакерге мүрәжат етиў кереклиги ҳаққында сөйлесемиз! ✨

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi