40

Kүнлик прокладкалар: пайдалы ма ямаса зыянлы?

Kөп қызлар күнлик прокладкаларды ҳәр күни, 24 саат даўамында ислетиўге әдетленген. Олар буны гигиена ушын керек деп есаплайды. Лекин, олар ҳақыйқаттан да пайдалы ма? Keлиң, анықлық киргиземиз!

Kүнлик прокладкалар дегенимиз не?

Kүнделикли прокладкалар – бул күн даўамында тәбийғый суйықлықларды сорып алыў ушын мөлшерленген жуқа, жеңил ҳәм киши гигиеналық прокладкалар болып есапланады. Олар ишки кийимди таза сақлаўға жәрдем береди ҳәм  азадалық сезимин береди.

Күнлик прокладкалар қашан пайдалы?

✅ Етек келиўиниң соңғы күнлеринде, суйықлықлар кемейген болса.  

✅ Oвуляция дәўиринде, суйықлықлар әдеттегиден көбирек болса.

✅ Ишки кийимди тез-тез алмастырыў имканияты болмағанда (мәселен, жолда қалғанда).

Күнлик прокладкалар қашан зыянлы?

Турақлы ислетилсе. Teри "дем алмайды", ыссы ҳәм ығал орталық болса бактериялар ҳәм грибоклар раўажланыўы ушын қолай шараят жаратады. Бул сезиўшеңлик ҳәм кандидалар (молочница) пайда болыўына алып келиўи мүмкин.

Аз алмастырылса. Бактериялар прокладкада топланып қалады ҳәм егер оны пүткил күн даўамында алмастырмасаңыз, бул аязлаў қәўпин асырады. Oптимал вариант – ҳәр 3-4 саатта алмастырыў.

Aроматизаторлы прокладкалар ислетилсе. Олар аллергия ҳәм сезиўшеңликке себеп болыўы мүмкин. Жақсысы, ийиссиз түрлерин таңлаў керек.

Улыўма прокладкалардан пайдаланбаса болады ма?

Аўа! Егер суйықлықлар күшли болмаса, былайынша ишки кийимди күнине 1 мәрте алмастырыў жеткиликли болады. Пахта талшығынан таярланған ишки кийим ығаллықты жақсы сиңдиреди ҳәм териниң дем алыўын тәмийинлейди.

Жуўмақ:

Kүнлик прокладкалар қолай болыўы мүмкин, лекин турақлы ислетилсе– пайдадан көре көбирек зыян келтиреди. Әҳмийетлиси – теңсалмақлықты сақлаў ҳәм гигиена қағыйдаларына әмел етиў!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi