Етек келиў циклин бақлап барыў: бул не ушын әҳмийетли?
Етек келиў циклин бақлап барыў – бул мәзи етек келиў күнлерин белгилеп қойыў емес. Бул өз денеңизди жақсырақ түсиниў ҳәм ден саўлығыңызға ғамқорлық етиў усылы есапланады. Сиз арнаўлы қосымшаларды ислетиўиңиз ямаса әпиўайы календарь жүргизиўиңиз мүмкин. Бул сизиң организмиңиз қандай ислеўин түсиниўиңиз ҳәм етек келиўине алдыннан таярлық көриўиңизге жәрдем береди.
Не ушын циклди бақлап барыў әҳмийетли?
- Өз денеңизди түсиниў
Етек келиў қашан басланыўын билиў әҳмийетли илажларды, спорт шынығыўларын яки алыс сапарларға шығыўды режелестириўге жәрдем береди. Буннан тысқары, егер циклиңиз күтилмегенде қысқарып ямаса узайып кетсе, бул организмдеги өзгерислер, мәселен, гормонал өзгерислер менен байланыслы болыўы мүмкин. Егер циклиңиз 21 күннен қысқа яки 35 күннен узын болып қалса ҳәм бир неше мәрте тәкирарланса, әлбетте, шыпакерге мүрәжат етиў усыныс етиледи.
- Mашқалаларды ерте анықлаў
Егер етек келиў тәртипсиз болып келсе, бул гормонал өзгерислер, стресс ямаса кеселлик белгилери де болыўы мүмкин. Мәселен, етек келиў тоқтап қалса яки жүдә аўырыўлы болса, бул ҳаққында шыпакер менен мәсләҳәтлесиў керек. Төмендегилерге итибар бериң:
● Турақлылық (етек келиў ҳәр сапары дерлик бир қыйлы ўақытта келеди ме?)
● Даўамлылық (неше күн даўам етеди?)
● Етек келиўиниң қәсийетлери (қай тәризде өтеди?).
- Симптом (белги) лерин есапқа алыў
Айырым қызлар етек келиўден алдын кейпиятлары өзгерип, қарны яки баслары аўырып атырғанын сезеди. Бақлап барыўлар усы бастан өткериўлерин циклдиң ҳәр қыйлы күнлери менен қандай байланыслылығын түсиниўге жәрдем береди. Солай етип, шаршаў яки ашыўланыўды сезиўиңиз мүмкин болған күнлерге алдыннан таярланыў аңсатласады.
Циклди қалайынша бақлап барыў мүмкин?
Бүгинги күнде буның ушын көплеген қолай қосымшалар бар. Лекин, әпиўайы календарь жүргизиўде жетерли болады. Биринши етек келиў күниниң даўамлылығын ҳәм ҳәр қандай әдеттегидей емес сезимлерди белгилеп алып, жазып қойың. Ўақыт өтиўи менен сизиң циклиңиздиң толық көриниси қәлиплеседи.
Пайдалы мәсләҳәтлер:
● Әпиўайы нәрседен баслаң: ҳәр бир етек келиўдиң биринши күнин жазып барың
● Цикл даўамлылығына итибар бериң (әдетте 21 күннен 35 күнге шекем болады)
● Өзиңизди жаман сезиўиңизге себеп болатуғын ҳәр қандай белгилерди жазып барың ҳәм қәнигеге мүрәжат етиң.
Умытпаң, турақлы цикл – бул саламатлықтың жақсы көрсеткиши болып табылады!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)