47

АПВ на қарсы емлеў: қәўипсиз ҳәм исенимли қорғаныў!

Адам папилломавирусы (АПВ) eмлеў арқалы алдын алыў мүмкин болған вирус болып, жатыр мойны өспеси ҳәм басқа аўыр кеселликлердиң себепшиси болыўы мүмкин. Лекин, ҳәр қандай вакцина сыяқлы, АПВна қарсы емлеў де айырым пайытлары жеңил унамсыз тәсирлерин келтирип шығарыўы мүмкин.

Қайсы кеселликлер әдеттегидей ҳәм жеңил есапланады?

Kөпшилик емленгенинен кейин ҳеш қандай унамсызлықты сезбейди. Бирақ, базы пайытларында төмендеги жеңил ҳәм ўақытша реакциялар бақланыўы мүмкин:
✅ Инфекциядан кейинги аўырыў, қызарыў яки исик – ең кең тарқалған реакция болып, әдетте 1-2 күнде өтип кетеди.
✅ Бас аўыры яки ҳәлсизлик – aйырымларда ушырасыўы мүмкин, лекин тез арада жоқ болып кетеди.
✅ Температураның жеңил көтерилиўи – кемнен-кем жағдайларда бақланады ҳәм қәўипли емес.

⚠️ Жүдә кем ушырасатуғын реакциялар қандай?

  • Базы да төмендеги унамсыз тәсирлер гүзетилиўи мүмкин:
  • Бас айланыўы – егер инъекциядан кейин өзиңизди ҳәлсиз сезсеңиз, бираз отырып яки жатып дем алың.
  • Aллергиялық реакция – жүдә кемнен-кем ушырасады, лекин егер таспа, қышыныў яки күшли қызарыў пайда болса, дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиң!

Не ушын емлеўден қорықпаў керек?

  • АПВ на қарсы вакциналар дүнья жүзи бойынша 20 жылдан артық ўақыт даўамында қәўипсиз қолланылып келинбекте.
  • Қолайсыз тәсирлер болса да, олар әдетте 2-3 күн ишинде өз-өзинен жоқ болады.
  • Eмлениўден кейин 15 минут шыпакер қадағалаўында қалыў усыныс етиледи, бул итималлы реакциялардың алдын алыўға жәрдем береди.
  • АПВ ның өзин емлеў реакцияларынан әдеўир қәўиплирек, себеби, ол рак сыяқлы аўыр кеселликлерге алып келиўи мүмкин.

Eмлеўден кейин не ислеў керек?

Инъекция орны аўырса, суўық компресс қойыў мүмкин.
Егер өзиңизди ҳәлсиз сезсеңиз, көбирек суў ишиң ҳәм дем алың.
Aллергиялық реакция пайда болса, шыпакерге мүрәжат етиң (лекин бундай жағдайлар статистикаға тийкарланып жүдә аз ушырасады).

Жуўмақ: АПВ на қарсы емлеў – бул өзиңизди қорғаўдың ең нәтийжели ҳәм қәўипсиз усылы есапланады. Жеңил қолайсыз тәсирлер  – бул организмниң әпиўайы жуўабы, аўыр асқыныўлар дерлик ушыраспайды, шыпакерлер болса оларды қадағалаўды биледи. Егер емлеўден кейин сизди қандайда бир нәрсе тынышсызландырса, жергиликли поликлиникаға мүрәжат етиң. Саламатлығыңызды абайлаң! ❤️

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi