Не ушын диета ҳәм кескин азыў денсаўлығыңызға зыян жеткериўи мүмкин?
Ҳәдден тысқары, қатаң диета тек ғана шаршаўға алып келиўи, бәлким етек келиў ҳәм улыўма аўҳалға да тәсир етиўи мүмкинлигин ҳеш еситип көргенсиз бе? Келиң, не ушын салмақтың кескин кемейиўи тек тәрезидеги санлар емес, бәлким саламатлық ҳаққында да екенлигин көрип шығайық.
Диета репродуктивлик системаға қалай тәсир етеди?
Бизиң денемиз сондай дүзилген, нормал ислеў ушын оған азық -аўқатлық затлары,
әсиресе, майлар керек. Олар етек келиў циклин тәртипке салыўшы гормонларды ислеп шығарыўда қатнасады. Егер сиз кескин салмақ жоғалтсаңыз, эстроген дәрежеси пәсейеди ҳәм дене буны "Кризис!" деген сигнал сыпатында қабыл етеди.
- Етек келиў циклиниң бузылыўы ямаса пүткиллей тоқтаўы. Организм энергияны тежеў ушын репродуктивлик системаны “өширип қойыўы” мүмкин.
- Гормонал теңсалмақсызлық. Бул теридеги машқалалар, кейпияттың өзгериўи ҳәм сүйеклердиң әззилеп, мортласыўына алып келиўи мүмкин.
- Keлешекте ҳәмиледар болыўдың қыйынласыўы. Егер организм узақ ўақыт стресс жағдайында болса, тиклениў процесси узақ даўам етиўи мүмкин.
- Итибарды жәмлеў ҳәм еслеў менен байланыслы машқалалар. Мий де азыққа мүтәж ҳәм қатты диеталар себепли, жаңа мағлыўматларды қабыл етиў ҳәм өзлестириў қыйынласыўы мүмкин.
Саламат теңсалмақлылықты қалай сақлаў мүмкин?
- Саламат аўқатланың. Рационыңызда белоклар, майлар ҳәм углеводлар болыўы әҳмийетли.
- Салмақты әсте-ақырын жоғалтың. Keскин салмақ жоғалтыў қәўипли, оны әсте-ақырынлық пенен әмелге асырған жақсырақ.
- Денеңизге қулақ салың. Егер етек келиў циклинде өзгерислерди сезсеңиз, өз ўақтында шыпакерге мүрәжат етиўиңиз мүмкин.
Дене ҳаққында ғамқорлық етиў– бул тек ғана салмақ ҳаққында емес, бәлким денсаўлықты сақлаў ҳаққында да! ❤️
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)