PMS: бул не нәрсе ҳәм оның белгилери қандай болады?
Етек келиўден бир неше күн алдын сезим-туйғыларыңызды бақлаў қыйынласып, әдеттегидей емес нәрсе жегиңиз келип, қарныңыз исип кеткенин ҳеш байқадыңыз ба? Мүмкин, бул PMS – яғный predmenstrual (менструация алды) sindrom белгилери шығар.
PMS дегенимиз не?
PMS – бул әпсана ямаса ойлап табылған нәрсе емес, бәлким етек келиўден алдын организмде жүз беретуғын гормонал өзгерислерге тәбийғый жуўап болып саналады. Усы дәўирде (әсиресе, эстроген ҳәм прогестерон) өзгерип, кейпият, улыўма жағдай ҳәм энергия дәрежесине тәсир етиўи мүмкин. PMS әдетте етек келиў басланыўынан 7–10 күн алдын пайда болып, етек келиў менен бирге жоқ болып кетеди.
⚡ PMS бақланып атырғанлығын қалай билиў мүмкин?
Ҳәр бир қызда PMS белгилериниң көриниси түрлише болыўы мүмкин, лекин ең кең тарқалған белгилери төмендегилер:
Kейпияттың өзгериўи – бир неше минут ишинде бахытты сезиниўден, ғәзеплениўге шекем
Қарынның төменги бөлиминде- аўырыў ҳәм спазмлар
Қарынның исиўи – ол бирден үлкейип кеткендей түйиледи
Қатты шаршаў – әдеттегиден көре көбирек уйқылаўды қәлеў тилеги
Бас аўырыўы – жеңил ямаса орташа дәрежеде
Аўқатқа болған ҳәўеслик – базы да өзиңизди тоқтатыў қыйын!
Kөкиректиң сезгирлиги – исиў ҳәм аўырыў пайда болыўы
Akne – бет-әлпетине майда безеўлер шығыўы.
Бул өзгерислердиң ҳәммеси организмдеги гормонлар өзгериўи менен байланыслы. PMSның анық себеплери еле толық үйренилмеген, лекин стресс, аўқатланыў тәртиби ҳәм турмыс тәризи оның күшейиўине тәсир етиўи мүмкин.
✨ Tәшўишленбең, PMS – бул тәбийғый жағдай ҳәм сиз жалғыз емессиз! Ең әҳмийетлиси – денеңизде не нәрселер пайда болып атырғанлығын түсиниў ҳәм өзиңизди жақсырақ сезиўиңизге көмек беретуғын усылларды табыў.
Keйинги мақаламыз PMS белгилерин қалай жеңиллестириў мүмкинлиги ҳаққында. Оны өткерип жибермең!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)