38

PMS белгилерин қалайынша жеңиллестириў мүмкин?

PMS – бул мәзи “ынжықлық” ямаса “жаман кейпият” емес. Бул организмде пайда болатуғын реал өзгерислер болып, олар сезимлер, дене ҳәм ҳәттеки нәтийжелиликке де тәсир етиўи мүмкин. Лекин, жақсы жаңалық бар: сиз жағдайды қадағалаўға алыўыңыз мүмкин!

Өзиңизди жақсы сезиниўиңиз ушын не ислеў керек?

✅ Kөбирек ҳәрекетлениң – ҳәттеки ҳәрекетлениў қәлеўи жоқ болса да, ҳеш болмаса бираз геўдеңизди қозғалтыўға ҳәрекет етиң. Жеңил шынығыўлар, пияда жүриў ямаса йога қарын аўырыўларын азайтыўға ҳәм кейпиятты жақсылаўға жәрдем береди.

Дурыс аўқатланың – көбирек овощлар, мийўелер ҳәм толық дәнли өнимлерди жең. Артықша қант, дуз ҳәм кофейннен сақланың – олар қарынның желлесиўи ҳәм кейпият өзгериўин күшейттириўи мүмкин.

Tойып уйқылаң – денеңиз үлкен жүклеме менен ислеп атырғанын умытпаң. Күнине 8–9 саатлық уйқы шаршаў ҳәм ашыўланыўды азайтыўға жәрдем береди.

Kөп суў ишиң – бул исиниўди кемейттириўге ҳәм денедеги суў теңсалмақлылығын сақлаўға көмек береди.

Ыссылықтан пайдаланың – ыссы суў менен душ қабыллаў яки қарныңызға ыссы грелка қойыў, мускулларды босастырып, спазмларды кемейттиреди. Лекин, суў жүдә ыссы болмаўы ҳәм узақ ўақыт шомылмаў оғада әҳмийетли.

Сезим-туйғыларыңыз ҳаққында айтып бериң – егер кейпиятыңыз түсип кетсе яки тынышсызланыў пайда болса, жақын инсанларыңыз бенен сәўбетлесиң. Бул нормал жағдай ҳәм сиз буны жалғыз иске асырыўыңыз шәрт емес.

Аўырыў қалдырыўшы дәрилер – егер қарын яки бас аўырыўы жүдә тынышсызландырса, ibuprofen қабылласаңыз болады. Бирақ, алдын шыпакер менен мәсләҳәтлесиң.

Шыпакерге қашан мүрәжат етиў керек?

Егер PMS мектепке барыўыңызға, досларыңыз бенен ушырасыўға ямаса әдеттеги турмысыңызға кесент етсе, әлбетте, шыпакерге мүрәжат етиң. Бәлким, жағдайыңызды жеңиллестириўдиң қосымша жоллары да бар шығар.

Eң әҳмийетлиси – PMS сизди “ынжық” яки “нәзик” етип қоймайды. Бул өмириңиздиң тәбийғый бөлими ҳәм егер дурыс жол тутылса, оның менен аңсат гүресиўге болады!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi