49

Қызылша: ол жас өспиримлер ушын қәўипли ме?

Қызылша–бул әйтеўир “балалар инфекция” сы емес, бәлким аўыр ақыбетлерге алып келиўи мүмкин болған вируслы кеселлик болып есапланады. Әсиресе, келешекте ана болыўды режелестирип атырған қызлар ушын қәўипли болыўы мүмкин. Кеселлик әдетте жеңил өтеди, лекин ҳәмиледарлық дәўиринде бул вирус ҳәмиле ушын оғада қәўипли.

Қалайынша жуғады?

Қызылша ҳаўа-тамшы жолы арқалы тарқалады – жөтел, түшкириў яки зыянланған нәрселер менен байланысыў арқалы жуғыўы мүмкин. Наўқаслардың жанында турып та кесел болып қалыў мүмкин.

Белгилери

  • Жас өспиримлерде қызылша әпиўайы аязлаўға уқсап көриниўи мүмкин:
  • Қызғылт реңдеги таспалар – aлдын бетинде пайда болып, тез ўақытта пүткил денеге тарқалады.
  • Лимфа безлериниң үлкейиўи – әсиресе, қулақ артында ҳәм мойында.
  • Мурынның ағыўы, жөтел, ҳәлсизлик ҳәм жеңил температура (әдетте 38°C дан жоқары емес).

⚠️ Не ушын қәўипли?

Егер қызылша ҳәмиледарлық ўақтында жуқса, нәресте де туўма қызылша синдромы раўажланыўы қәўпи жоқары болады. Бул болса туўма жүрек нуқсанлары,  герең-сақаў, соқыр ҳәм раўажланыўдың кешигиўи сыяқлы аўыр ақыбетлерине алып келеди.

Қалай қорғаныў мүмкин?

✔ Eмлениў – қызылшадан қорғаныўдың жалғыз жолы. Өзбекстанда қызылшадан балаларды емлеў мәжбүрий емлеўлер дизимине киргизилген, лекин, егер емлениўге исенимиңиз болмаса, IgG aнтиденешелерин тексертиўиңиз мүмкин. Егер нәтийже жоқары болса, сизде иммунитет бар, егер жоқ болса – eмлениў керек.
✔ Наўқаслар менен байланысыўдан сақланың – әсиресе, егер жақын арада ҳәмиледарлықты режелестирип атырған болсаңыз.
✔ Гигиенаға әмел етиң – вирус буйымлар үстинде де жасаўы мүмкин.

Қызылша әпиўайы кеселликтей түйилиўи мүмкин, лекин, келешектеги денсаўлығыңыз ушын жүдә қәўипли болыўы мүмкин. Алдын алыў мақсетке муўапық, кейин болса өкиниўге кеш болыўы мүмкин!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi