Қарын төмениндеги кескин аўырыў: Бул не болыўы мүмкин ҳәм не ислеў керек?
Айырым пайытлары қарынның төменги бөлиминде тосаттан аўырыў пайда болыўы күтилмеген жағдай болыўы мүмкин. Оның себеплери көп ҳәм ҳәмме де қыстаўлы жәрдемге мүтәж емес. Бирақ, тезлик пенен шыпакерге мүрәжат етиўге керек болған жағдайлар да бар!
❗ Қарынның төменги бөлиминдеги кескин аўырыўдың итималлы себеплери:
- Асқазан-ишектиң аязлаўы (appenditsit) – әдетте аўырыў киндиктиң әтирапынан басланып, кейин оң тәрепке қарай қозғалады. Kеўил айныўы ҳәм температура көтерилиўи мүмкин. Егер аязлаған aппендикс (соқыр ишек) ўақтында алып тасланбаса, ол жарылып, өмир ушын қәўипли перетонитке алып келиўи мүмкин!
- Яuчник кистасының жарылыўы яки буралыўы – аўырыў өткир, бир тәреплеме болып, белге өтиўи мүмкин. Базы пайытлары дәрмансызлық, бас айланыўы бақланады. Бундай жағдай тезирек араласыўды талап етеди, себеби, яичниктиң қан менен тәмийинлениўи бузылыўы мүмкин.
- Жатырдың сыртында раўажланған ҳәмиледарлық – бир тәрептен күшли аўырыў, қанлы суйықлықлар келиўи мүмкин. Шыпакерге мүрәжат етилмесе, оның жарылыўы ишки қан кетиўине алып келиўи мүмкин.
- Киши жамбас aғзаларының аязлаўы (adneksit, endometrit ҳәм басқалар) – ҳәрекетте аўырыў күшейеди, көбинесе дене температурасы көтериледи. Емленбесе, аязлаў созылмалы формаға өтип, келешекте бийперзентликке себеп болыўы мүмкин.
- Бүйрек- тас кеселлиги – кескин аўырыў, әсиресе, дәретке шығыўға барғанда күшейеди, сидикте қан аралас болыўы мүмкин. Егер тас сидик жолына тығылып қалса, аўыр шаншыўға себеп болып, қыстаўлы жәрдем талап етиледи.
✅ Шыпакерге барыўдан алдын не ислеў керек?
✔️ Жатып, кескин ҳәрекетлерден сақланыў
✔️ Температураны өлшеў
✔️ Аўырыўды қалдыратуғын дәрилерди ишпеў керек! (Олар әҳмийетли белгилерди жасырыўы мүмкин)
✔️ Қыздырыўшы-ысытыўшы грелканы қоймаў керек! (Егер аязлаў бар болса, бул жағдайды жаманластырыўы мүмкин.)
Жүдә күшли аўырыў болса – дәрҳал тез жәрдем шақырыў керек!
Егер аўырыў қысқа мүддетли болса ҳәм өз-өзинен өтип кетсе де, шыпакер менен мәсләҳәтлесиў усыныс етиледи. Бирақ, аўырыў даўам етсе яки күшейсе – буны итибарсыз қалдырыў мүмкин емес!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)