Сидик жоллары инфекциялары: қайсы белгилерди итибарсыз қалдырыўға болмайды?
Сиз де көп дәретке шығыў, ашыў ҳәм қолайсызлық бар ма? Қарныңызды аязлатып алдым деп ойлап атырсыз ба? Негизин де, бул сидик жоллары инфекциясы (СЖИ) белгилери болыўы мүмкин! Егер оны өз ўақтында емлетпесеңиз, қәўиплирек машқалалар пайда болыўы мүмкин!
❗ Дәрҳал итибар бериў керек болған белгилер
- Ҳәжетханаға тез-тез барыў – егер ҳәр 10 минутта ҳәжетханаға жуўырып барсаңыз ҳәм оннан тек ғана бир неше тамшы шықса, бул тәшўишлендиретуғын сигнал есапланады.
- Сийиў пайытында аўырыў ҳәм ашыў – жағымсыз сезимлер сидик көбиги ямаса уретра аязланыўынан хабар бериўи мүмкин.
- Патас яки жағымсыз ийисли сидик – реңи тоғырақ болса яки өткир ийис пайда болса, бул инфекциядан хабар бериўи мүмкин.
- Қарынның төменинде яки белдеги аўырыў – егер қарынның төмени тартып аўырса ямаса бүйрек бөлиминде бел аўырсa, инфекция жоқарырақта тарқалған болыўы мүмкин.
- Сидиктеги қан – қәўетерли сигнал! Ҳәттеки, азғантай қан көринсе де, дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиў лазым!
- Температура ҳәм қалтыратпа – егер температура көтерилсе, әсиресе, белде аўырыў болса, инфекция бүйреклерге тәсир етиўи мүмкин.
❓ Неге СЖИ ын өз ўақтында емлеў әҳмийетли?
Егер белгилерди итибарсыз қалдырсаңыз, қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мүмкин:
⚠️ Piyelonefrit – инфекция бүйреклерге жетип барып, олардың аязланыўына алып келиўи мүмкин.
⚠️ Киши жамбас ағзаларының аязлаў кеселликлери (КЖAАK) – егер бактериялар жоқарыға көтерилсе, жатыр, туқымлық безлери ҳәм ағзаларының аязланыўына себеп болыўы мүмкин. Емленбеген КЖAАK болса, бийперзентликтиң тийкарғы себеплеринен бири есапланады!
⚠️ Ҳәмиледарлықтағы асқыныўлар – СЖИ соңынан ҳәмиледарлық дәўиринде аўыр аязлаўды келтирип шығарыўы, түсик яки мүддетинен алдын туўыў қәўпин асырыўы мүмкин.
✅ Не ислеў керек?
⚡ Шыпакерге барыўды кешиктирмең – қаншелли тезирек емлениўди басласаңыз, aсқыныўлар соншелли кем болады.
⚡ Kөп суў ишиң – бул бактерияларды тезирек шығарып жибериўге жәрдем береди.
⚡ Aнтибиотиклерди шыпакер усыныс етпесе, ишпең! Керисинше болса, бактериялар оларға шыдамлы болып қалыўы мүмкин.
⚡ Гигиенаға әмел етиң ҳәм аязлап қалыўдан сақланың.
Саламатлығыңызды абайлап сақлаң! Егер жоқары да келтирилген белгилерди сезсеңиз– шыпакерге мүрәжат етиўди кешиктирмең ҳәм оннан жәрдем сораң!
Average Rating: ☆ ☆ ☆ ☆ ☆ (0 reviews)