37

ТБПС: Неге етек келиў циклиниң бузылыўы әйтеўир “қәсийет” емес?

Сиз де етек келиў цикли себепсиз бузылады ма? Етек келиў кемнен-кем келиўи яки пүткиллей жоғалып кеткен жағдайлар болған ба? Teри майлырақ болып, бетиңизде безеўлер көбейип, шаш түсиў яки керексиз орынларда өсиўи басланған ба? Булар  туқымлық безлериниң поликистоз синдромы (TБПС) белгилери болыўы мүмкин. Бул қызлар ҳәм ҳаялларда ең кең тарқалған гормонал бузылыўлардан бири есапланады.

TБПС дегенимиз не?

TБПС туқымлық безлериниң надурыс ислеўи, гормонлар теңсалмақлығының бузылыўы есапланады. Усы себепли овуляция (туқымланыўы) тәртипсиз яки улыўма жоқ болыўы мүмкин, бул болса келешектеги ҳәмиледарлық имканиятына тәсир етеди. Буннан тысқары, тери машқалалары, салмақ өзгериўи ҳәм басқа қолайсызлықлар пайда болыўы мүмкин.

TБПС бар екенлигин қалайынша билиў мүмкин?

  • Tәртипсиз ямаса кемнен-кем келетуғын етек келиў. Егер цикл 35 күннен узақ даўам етсе яки 2-3 ай ямаса буннан да зыят ўақытқа жоғалып кетсе, бул ескертиўши белги болады.
  • Дене түклериниң көбейиўи. Бет, көкирек, қарын бөлиминде зыят түклер өсиўи мүмкин. Бул гормонлар бузылыўы менен байланыслы.
  • Teри машқалалары. Беттиң, әсиресе, ийек ҳәм төменги бөлиминде күшли безеўлер пайда болыўы мүмкин.
  • Шаш түсиўи. Шашлар жиңишке ҳәм сийреклесиўи, ҳәттеки кәл орынлары пайда болыўы мүмкин.
  • Салмақ өзгериўи. Дене салмағы себепсиз артыўы яки оны қадағалаў қыйын болыўы мүмкин.

Шыпакер TБПС ны қалай анықлайды?

✅ Tуқымлық безлериниң УДТ тексериўи – TБПС болса, туқымлық безлери үлкейген ҳәм майда кисталар (фолликуллар) болыўы мүмкин.
✅ Гормон анализлери – қан арқалы жынысый гормонлар дәрежеси тексериледи.

TБПСны емлеўге бола ма?

TБПС өмирлик ҳүким емес! Оны қадағалаў ҳәм етек келиў циклин тиклеўге болады.

✔ Шыпакер индивидуал түрде емлеўди таңлайды – бул турмыс тәризин өзгерттириў ямаса дәри-дармақларды өз ишине алыўы мүмкин.
✔ Физикалық жақтан белсендилик ҳәм дурыс аўқатланыў, гормонлар теңсалмақлылығын тиклеўде жәрдем береди.
✔ Егер керек болса, етек келиў циклин турақластырыў ҳәм TБПС белгилерин азайтыў ушын дәри-дармақларды қабыллаў буйырылады.

Жуўмақ:

Егер етек келиўиңиз тәртипсиз келсе, тери ҳәм шаш пенен байланыслы машқалалар бақланса, буны итибарсыз қалдырмаң! TБПС ерте анықланса, оны қадағалаў аңсатырақ болады. Егер сизди қандайда бир нәрсе тынышсызландырып атырған болса– шыпакерге мүрәжат етиң ҳәм ол сизге жәрдем береди!

Average Rating: (0 reviews)

Leave Your Feedback

Recent Reviews

Aldıng’ı Keyingi