ВПЧ.jpg

Адамлардың қан топарлары ҳәр қыйлы болатуғынлығы қалай анықланған?

Өзиңиздиң қан топарыңызды билиў – медицина тарийхындағы ең әҳмийетли ашылыўлардың бири. Ҳәзир бул арқалы шыпакерлер наўқасларға қан қуйып, инсанлардың өмирин сақлап қала алады.

XIX-әсирдиң ақырында илимпазлар ҳәр қыйлы адамлардың қанын пробиркада араластырып көрген. Нәтийжеде олар онда айырым ўақытлары қанның қойыўласқанын байқаған. Бирақ, бул жаңалыққа олар онша итибар бермеген, өйткени қанның қойыўласыў себебин пробиркадағы қанның наўқас адамларға тийисли екенлигинен көрген.

Бул ҳаққында австриялы шыпакер, Карл Ландштейнер пикир жүргизген. Ол дени саў адамлардың, соның ишинде, өзиниң де қанын араластырып көрип, қанның қойыўласыў нызамлылығын изертлеген. Ол ҳәр бир үлгиде эритроцитлерди плазмадан айырып, кейин бир адамның қан плазмасына басқа бир адамның эритроцитлерин қосып көрген.

Ландштейнер тек белгили бир адамлардың қанын араластырғанда ғана қойыўласыў жүз беретуғынлығын анықлаған. Солай етип, ол изертлеў жолы менен тийкарғы үш қан топарын айырып ала алған. Оларды А, В ҳәм С деп атаған. Кейинирек С топарының аты О деп өзгертилип, бир неше жылдан соң АВ топары анықланды.

Бурынғы СССРда Ландштейнерден ғәрезсиз түрде, дерлик оның менен бир ўақытта қан топарларын ашқан, чех илимпазы, Ян усылы менен I-IV қатар тәртиби системасы қолланылды.

1900-жылы Карл Ландштейнер биринши мәрте ҳәр қыйлы қан топарлары бар екенлигин анықлады. Бул ашылыў ушын оған 1930-жылы физиология ҳәм медицина тараўы бойынша Нобель премиясы берилди.

Оннан бери илимпазлар қан топарларын изертлеў ушын күшли үскенелерди ойлап тапты. Олар қан топарларының раўажланыў эволюциясын бақлап, олардың денсаўлыққа тәсирин анықлаў мүмкиншилигине ийе болды. Деген менен, көп нәрселер еле де түсиниксиз болып қалмақта. Мәселен, не ушын адамлар ҳәр қыйлы қан топарларына ийе ҳәм олар не ушын керек екенлиги ҳәзирги күнге шекем белгисиз.

XX-әсирдиң орталарында америкалы изертлеўши Филипп Левин қан классификациясының басқа бир усылын анықлады. Ол қанда резус-фактор (Rh) бар яки жоқ екенлигине байланыслы. Бул қәсийетти аңлатыў ушын Ландштейнер классификациясына «–» яки «+» белгилери қосылды.

Ҳәр бир адамның иммун системасы өзиниң қан топары менен таныс. Егер адамға туўра келмейтуғын қан түри қуйылса, оның иммун системасы «ғәзепленеди».

Бирақ биринши топар (О) қаны буған кирмейди. Ол басқа қан түрлеринде ушырасатуғын Н антигенлерине ийе, сонлықтан да биринши топар қаны басқалар менен үйлеседи. Усы өзгешелиги себепли биринши топар қанына ийе адамлар универсал донорлар, себеби олардың қаны қан қуйыў станциялары ушын анағурлым баҳалы қан болып табылады.

Aldıng’ı Keyingi