«Бес секунд қағыйдасы» — бул ҳақыйқатпа яки жалған пикирме?
«Бес секунд қағыйдасы»ның қашан пайда болғаны анық емес, бирақ айырым тарийхшылар оның пайда болыўын Шынғысханға байланыстырады. Ол, аўқатлық затлар жер бетинде бес сааттан кем ўақыт болған болса, бул аўқат жеў ушын жарамлы деп айтқан. Бир неше әсирлер ѳтип, бес саат сѳзи 5 секунд болып ѳзгерген. Бирақ бул пикирге исениўимиз қыйын, себеби сол дәўирде монголларда ҳәзирги күнги ўақыт кѳринисиндеги саатлар болмаўы ҳәм ўақытты басқаша түрде кѳрсеткен саатлардан пайдаланған болыўы мүмкин.
Бул сораўға жуўап табыўда, илимпазлар аўқатлықтың затлардың еденге түскенинде микроблар ушын қандайда бир ўақыт аралығы әҳмийетке ийе екенлигин анықлаў ушын ғарбыз, нан, май жағылған нан ҳәм мармелад саққызды тѳрт түрли нәрсе бетине, яғный полат металл, керамикалық плита, ағаш ҳәм гилем бетине таслап кѳреди. Қәнигелер аўқатлық затларды бул нәрселердиң бетинде 1, 5, 30 ҳәм 300 секундқа шекем сақлап, оларды қайта жыйнап алады ҳәм олардағы бактериялар муғдарын үйренип кѳреди. Ишек кеселликлерин ҳәм исиниўлерди келтирип шығаратуғын enterobacter cloacae түрине кириўши бактерияларға айрықша дыққат аўдарылады.
Алынған нәтийжелер, «Бес секунд қағыйдасы», биз дәслеп ойлағандай биймәнилик емес екенлигин кѳрсетти. Аўқатлық зат жер бетинде қанша кѳп ўақыт турса, ол соншели кѳп бактериялар топлайды. Бул жерде гәп тек ғана миллионлаған яки он миллионлаған микроорганизмлер аўқатлық затларға ѳтиўи ҳаққында: ең шаққан ҳәм епшил адам да жерге түскен аўқатлық затты микроблар түспестен бурын алып үлгермейди.
Буннан тысқары, аўқатлық заттағы бактериялар муғдары аўқатлық заттың структурасы ҳәм қандай жерге түскенине байланыслы болады. Мысалы, егер ығал аўқатлық зат қатты, тегис жерге түссе, бактериялар кѳбирек топланады. Сонлықтан да полат металл үстине түскен ғарбыз бѳлеги ең кѳп бактерияларды топлады. Ал гилем үстиндеги нан бѳлегинде, керисинше ең аз муғдарда мкироорганизмлер топланды.