Часы.png

Жасалма интеллект дегенимиз не?

Жасалма интеллект бул адамның тилди түсиниў, оқыў, талықлаў, машқалаларды шешиў, аўдарма ислеў ҳ.т.б. сыяқлы ақылый мийнет имканиятларына ийе компьютер системаларын жаратыў менен шуғылланыўшы информатиканың бир тараўы есапланады:

Бүгинги күнде жасалма интеллект кѳплеген ўазыйпаларды атқарыўға мѳлшерленген алгоритм ҳәм бағдарлама системаларынан ибарат. Ол, ҳәттеки адам ақылы жетпейтуғын ўазыйпаларды да орынлаў имканиятына ийе.

Жасалма интеллект қалай пайда болды?

«Жасалма интеллект» термини 1955-жылы Джон Маккарти (John McCarthy) тәрепинен киритилген. 1956-жылы Маккарти ҳәм басқалар Жасалма интеллект бойынша Дартмут изертлеў жойбарының жазғы конференциясын шѳлкемлестиреди. Бул баслама машиналық оқытыў сыяқлы кѳплеген ойлап табыўлардың пайда болыўына себепши болды. Буннан тысқары, бул баслама мағлыўматлар илими (data science) атлы илимде жаңа тараўды ашты.

1990-жылларда жасалма интеллектиң раўажланыўында жаңа бетлер ашылды. 1997-жылы IBM компаниясының Deep Blue компьютери шахмат бойынша жәҳән чемпионын (Гарри Каспаровты) жеңген тарийхтағы биринши компьютерге айланды.

Жасалма интеллект алгоритмлерди жаратыў ҳәм оларды тез ѳзгериўши есаплаў орталығында қолланыў арқалы адамның пикирлеў процесслерин моделлестириўдиң тийкары есапланады. Әпиўайы тил менен айтқанда, жасалма интеллект бул компьютерлердиң адамлар сыяқлы ойлаў ҳәм мәселелердиң шешимин табыў имканиятын бериўши технология саналады.

Бул мақсетлерге жетиў ушын үш тийкарғы компонент зәрүр болады, яғный:

  • есаплаў системалары (үлкен қуўатлылықтағы компьютерлер);
  • кѳп муғдардағы мағлыўматлар ҳәм оларды басқарып билиў кѳнликпелери;
  • жасалма интеллект алгоритмлери (бағдарлама коды).

Жасалма интеллекттиң адам мийиниң қәбилетлерине қаншели дәрежеде жақын болыўы ушын, соншели дәрежеде кѳп мағлыўматлар ҳәм есаплаў ресурслары (қуўатлылық) талап етиледи.

Keyingi