Телефон.png

Жасалма интеллект пайдалыма яки зыянлыма?

Жасалма интеллект үстиндеги тартыслар дерлик 50 жылдан берли даўам етпекте. Экспертлер елеге шекем бир пикирге келе алмады. Айырымлары, жасалма интеллекттен пайдаланыў кѳрсеткишиниң артыўы ғалабалық жумыссызлыққа алып келиў қәўпи бар деп есаплайды. Ал, екинши топар экспертлери, жасалма интеллектке унамлы кѳз-қарас пенен қараў керек, себеби, ол, адам орынлай алмайтуғын яки орынлаўы ушын жүдә кѳп ўақыт ҳәм күш сарыпланатуғын ўазыйпаларды атқара алады деп есаплайды.

Ҳәттеки информациялық технологиялар тараўындағы тийкар салыўшылар арасында да ҳәр қыйлы пикирлер бар. Атап айтсақ, SpaceX тийкаршысы Илон Масктиң пикиринше, жасалма интеллект инсан цивилизациясы ушын үлкен қәўип салыўы мүмкин. Оның айтыўынша, жасалма интеллект бәнтлик мәселесинде ғалабалық машқалалар келтирип шығарады, себеби роботлар барлық нәрселерди бизлерден кѳре жақсырақ ислей алады. Жоқары технологияларды раўажландырыў жолында компаниялар жасалма интеллект тәрепинен жүзеге келетуғын қәўиплерге итибар қаратпаўы мүмкин. Microsoft компаниясының бас директори Билл Гейтс ҳәм жасалма интеллект қәўипли деген пикирде. Оның пикиринше, бир неше жыллар ѳтип, жумыслардың кѳпшилик бѳлегин роботлар атқарып баслаған пайытта, жасалма интеллект сондай үлкен күшке ийе болады ҳәм нәтийжеде «бизлердиң тынышымызды алып баслайды».

Ҳәзирги ўақытта айырым мәмлекетлерде мийирбийке-роботлар, айдаўшысыз автомобиллер ҳәм стандарт болмаған дронлардан пайдаланылмақта. Ҳәттеки, полиция хызметиниң айырым ўазыйпаларын арнаўлы роботлар атқармақта. Илимпазлар оларды максимал дәрежеде инсанға уқсас етип жаратыўға умтылмақта. Жасалма интеллект ѳз жумысын жүдә аңсатлық пенен атқара алады. Нәтийжеде, есапшылар, почтада ислеўшилер ҳәм басқа да хызметшилер сыяқлы кѳплеген адамлар жумысынан айырылып қалыўы мүмкин

Барлық билдирилип атырған қарсы ҳәм сын пикирлерге қарамастан, жасалма интеллект раўажланып, адамларға жәрдем бериўин даўам етпекте. Оның орны, әсиресе медицинадағы әҳмийети асып бармақта. Енди роботлар салыстырмалы түрде қыйын есапланған операциялық процедураларды әмелге асырыўы мүмкин. Робот-шыпакерлердиң медицина хызметкерлери менен әжайып түрде бирге ислесиўи, олардың жумысларының нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде асырды.

Жасалма интеллект анық пәнлер, қаржыландырыў, оқытыў, дизайн, аўқатлық затларды таярлаў, кеўил ашар ҳәм басқада тараўларда ѳз орнын ийелейди. Жасалма интеллекттиң «мийнет ҳақысы» жүдә арзан болады, сонлықтан, олардан бийпул яки жүдә арзан баҳада пайдаланыўымыз мүмкин болады. Басқаша қылып айтқанда, жасалма интеллекттиң алдынғы технологияларын кең ен жайдырыў, ҳәр қыйлы хызмет түрлеринен пайдаланыў имканиятын кеңейтип, күн сайын тез пәт пенен саны ѳсип баратырған планетамыз халқының турмыс сапасын асырады. Бәлким, пүткиллей абаданшылығымызды тәмийинлеўи де мүмкин.

Aldıng’ı Keyingi