Жаўын қалай пайда болатуғынлығы ҳаққында ойланып кѳрдиңбе?
Жаўын-шашынлар тәбияттағы суў айланысынан пайда болатуғынлығын билесеңбе? Тәбиятта суў айланысының басланғыш ноқаты болып жәҳән океаны есапланады.
Қуяш тәбиятта суў айланысын ҳәрекетке келтириўши күш есапланып, ол океан, теңиз, кѳл ҳәм дәрьялардағы суўларды қыздырады. Бул суўлардың белгили бир бѳлеги ҳаўаға газ ҳалында пуўласады.
Атмосфераның жоқарғы қатламларындағы тѳмен температура бул газды бултларды пайда етиўши киши тамшыларға айландырады.
Ҳаўа ағымлары бултларды жер бети бойлап ҳәрекетке келтиреди ҳәм булт бѳлеклери биригип, үлкейип барады. Нәтийжеде тамшылар бир-бирине қосылып жаўын тәрзинде аспаннан жерге қайтып түседи. Айырым жаўын-шашын қар тәризинде жерге түседи. Сондай-ақ бул суўлар музлықларда топланыў қәсийетине де ийе. Бәҳәр келип, ҳаўа-райы жылыўы менен қарлар ерип баслайды. Жаўынлардың кѳпшилик бѳлеги океанларға жаўса, белгили бир бѳлеги қурғақшылыққа жаўады.
Суўлардың бир бѳлеги океанларға ағып барыўшы дәрьяларды толтырады, ал қалған болеги душшы суў сыпатында кѳл ҳәм дәрьяларда жыйналады. Суўдың бәри де жер бети бойлап ақпайды. Суўдың кѳпшилик бѳлеги жердеги топыраққа сиңип кетеди. Суўлардың айырым бѳлеги топырақтың тереңирек қатламларына кирип барады ҳәм жер асты суў қатламын толтырады, ол жерде үлкен кѳлемдеги таза суўлар узақ ўақыт даўамында сақланады.
Дереклерде жазылыўынша, тәбиятта айланыста болған суў муғдары океандағы суў муғдарынан кем. Океан үлкен суў сақлағыш ўазыйпасын атқарады. Суўдың дүнья жүзиндеги улыўма кѳлеми 1.386.000.000 км. куб болып, соннан 96,5% суў океанларда жыйналады. Тәбиятта океанлар суўдың пуўланыў басқышында жүдә әҳмийетли орынға ийе болып, улыўма суў пуўланыўының 90%тин тәмийинлейди.