Нейрографика дегенимиз не?

Нейрографика бул сүўрет жәрдеминде психологиялық жағдайды графикли трансформация қылыўшы жаңа усыл. Бул ҳәр бир адам ҳәр қыйлы жасында басынан кешириўи мүмкин болған бузғыншы эмоцияларды сапластырыўшы усыл болып, ойлап табылғанына кѳп ўақыт болған жоқ.

Нейрографика қалай ислейди?

Психологиялық техника негатив эмоцияларды шығарып таслаў, тынышланыў ҳәм руҳый тең салмақлыққа ерисиў ушын қолланылады. Оның тийкарғы ўазыйпасы, ол адамдағы қорқыныш ҳәм комплекслерди саналылық дәрежесине алып шығып, олар үстинде ислеўден ибарат.

Нейрографикалық сүўрет салыў ушын нелер керек болады?

  • Бир бет қағаз (қәлеген форматта);
  • сызық ҳәм фигураларды салыў ушын қәлем яки фломастер;
  • бояўлар яки реңли қәлемлер.

Баслаўышларға арналған нейрографика

Нейрографиканы үйрениў қыйын ис емес. Буны қәлеген адам үйрениўи мүмкин. Баслаўышларға бѳлмеде яки тәбиятта жалғыз болыўы усыныс етиледи.

  1. Жақын адамың менен түсинбеўшилик, ата-анаң менен қарым-қатнасың ҳ.т.б. себеп болған ѳзиңдеги машқала ҳәм эмоцияны ойыңда жәмле.
  2. Бир бет қағыз алып, оған қәлем менен қәлеген формада үзиликсиз сызық сал. Бул жерде тийкарғы сыр соннан ибарат, бул сызық жүдә тез салыныўы керек ҳәм оның формасы яки сүўрет ҳаққында ойламаўың керек. Усы жол арқалы адамның ишиндеги кескинликлер ақ қағазға түседи.
  3. Үшинши басқыш — мүйешлерди дѳңгелеклеў. Пайда болған сүўретке нәзер салып оны еслеп қал. Кейин реңли қәлемлер менен сүўреттеги барлық мүйешлерди тегислеп шығыўды басла. Сүўрет салыў пайтында ѳзиңниң ишки даўысыңды естиў ҳәм оған қулақ салыў жүдә әҳмийетли.
  4. Пайда болған фигураны кағаз бетиндеги бос орынлар менен жалғастырып, оны ишине сиңдирип жибериў керек. Буны кардиограммаға уқсас сызықлар менен ислеў зәрүр, бирақ ол жерде қырлы мүйешлер болмаўы керек. Бундай сызықларды сүўреттен қағаз бетиниң шетине қарай салып, бир пүтин сүўрет қылып саламыз. Бул басқышта «мен», «сен», «олар» деген түсиник жоғалады. Барлығы бѳлинбейтуғын бир пүтинликке биригеди.
  5. Бесинши басқыш — сүўреттиң сегментлерин ҳәр қыйлы реңлер менен бояў ҳәм оларды бириктириў. Бул жерде реңли қәлемлер яки бояўлардан пайдаланыў зәрүр. Сүўрет бѳлеклерин жаңа топарларға бириктириў, алдыңа қойған мақсетке ерисиўге жетелейди. Реңлерди ѳз бетиңше таңла. Барлық бѳлеклерди бояп шығыў шәрт емес.
  6. Майданның сызықларын салып шығыў. Бул қағаз бетиниң бир шетинен екинши шетине ѳтип турған ѳз алдына сызықлар. Бул сызықлар басқа реңге боялып ажыралып турыўы керек. Бул ишки дүньяңа еледе тереңирек кириўиңе мүмкиншилик береди. Сүўретти салып болғаннан соң оған дыққат пенен нәзер салыў керек. Кейин дем алыў керек.

Нейрографикалық сүўретлерди кеште уйқыдан алдын салыў усыныс етиледи, себеби уйқы ўақтында инсан мийинде жаңадан нейронлық байлансылар пайда болады.

Нейрографиканың пайдалы тәрепи

Бул усылдың пайдалы тәрепи сонда, ол машқалаларды шешиўге, пикириңди, ис-ҳәрекетиңди ѳзгертиўге, дурыс шешим табыўға жәрдем береди.

Oldingi