Мозг.png

Не себеп жасалма интеллекттиң орны жүдә әҳмийетли?

Бүгинги күнде жасалма интеллект жүдә кең тарқалған. Мысалы, Google аўдармашы, сѳзликлер, ҳәр қыйлы ойынлар ҳәм тағы басқаларды ѳз ишине алған мобиль қурылмаларды айтсақ болады. Бирақ мобиль қосымшаларда жасалма интеллект функциялары шекленген ҳәм тек белгили бир ўазыйпаларды ғана атқара алады.

Ҳәзирги күнде, инсан искерлиги нәтийжесинде пайда болатуғын мағлыўматлар кѳлеми, адамлардың оларды қабыллаў, пайдаланыў ҳәм қыйын шешимлерди қабыллаў уқыбынан бираз жоқары. Жасалма интеллект жүдә үлкен кѳлемдеги мағлыўматларды қабыллаў ҳәм олар тийкарында шешимлер қабыллаў уқыбына ийе.

Мысалы, кѳпшилик адамлар «атанақ-ноллер» ойынында қалай жеңиў кереклигин биледи. Бирақ бул әпиўайы ойында 255,168 уникал жүрислер бар екенлигин ҳәм соннан 46,080 жүрис ойында тең есапқа алып келетуғынлығын ҳәмме де биле бермейди. Шашка ойынында 500 x 1018 дәрежесиндеги яки 500 квинтиллион жүрислер қылса болады.

Усындай комбинация ҳәм ҳәрекетлерди есаплаў, сондай-ақ ең дурыс шешимди таңлаўда компьютерлердиң нәтийжелилиги жүдә жоқары болады. Жасалма интеллект, оның раўажланыўы ҳәм оны терең үйрениў - бизнестеги шешимлерди қабыллаўда шешиўши фактор есапланады. Келешекте, бул технология экономиканың барлық тараўларында дурыс шешим табыўда ѳз жәрдемин кѳрсетеди.

Aldıng’ı Keyingi