Бутылки.png

Суў ҳаққында сен билмеген қызықлы 10 факт

  1. Суў тәбиятта тийкарынан үш ҳалда ушырасады: қатты (муз), суйық ҳәм газ ҳалында (пуў). Жерде суўдың 3%и экологиялық таза болып, бул үлкен музлықлардың бир бѳлеги болып есапланады.
  2. Тәбиятта суўдың 1330 түри бар.
  3. Жер бетиниң 70%ке жақын бѳлеги суўдан ибарат. Тек ғана 1% суў ишиўге жарамлы.
  4. Адам ѳмири даўамында 35 тоннаға жақын суў ишеди.
  5. Дүньядағы ең қымбат суў Лос-Анджелесте сатылады ҳәм 1 литри 90 доллар турады. Бул суў кристаллар менен безетилген арнаўлы ыдыста сатылады. Жаслар тийкарынан бул суўды ыдысына қызыққанлығы себепли сатып алады.
  6. Словения мәмлекетинде Церкница деп аталыўшы кѳл бар. Ҳәр жылы жаз мәўсиминде бул кѳлдиң суўы тартылады. Ал бәҳәрде қайта толады. Кѳлде балықлар бар.
  7. Алжирде сондай кѳл бар, оның суўын жазыўда сыя ретинде пайдаланыўға болады.
  8. Антарктидада суўы теңиз суўынан 11 есе ашшы кѳл жайласқан. Бул кѳлдиң суўы тек -50 градус температурада ғана музлайды.
  9. ЮНЕСКО қәнигелериниң айтыўынша, дүньядағы ең таза суў бул Финляндияда.
  10. Ѳмир ушын ең қәўипли суў Сицилияда. Бул суў қурамында адам денесин зәҳәрлеўши ҳәм ѳлимге алып келиўши кислота бар.
Aldıng’ı Keyingi