Тәбият қубылыслары
Инсан ѳзи жасап турған тәбияттың бир бѳлеги саналады.
Жер бетинде ҳәм оннан тысқарыда жүз беретуғын тәбият қубылысларының 5 түри бар. Олар астрономиялық, атмосфералық, гидрологиялық, геологиялық ҳәм биологиялық қубылыслар.
Астрономиялық қубылыслар – Жер атмосферасының сыртында жүз беретуғын процесслер болып, планетамызға тиккелей тәсир кѳрсетеди. Олар Әлемниң ѳзин, галактикаларды ҳәм олардың ҳәрекетин, сондай-ақ, жулдызларды, планеталарды, кометаларды ҳәм метеорларды ѳз ишине алады.
Атмосферада жүз беретуғын тәбият қубылыслары атмосфералық, ал гидросферадағылар – гидрологиялық қубылыслар деп аталады.
Ѳзине тән ҳәм тәкирарланып турыўшы тәбийий атмосфералық қубылысларға мысал ретинде гидрологиялық ҳәм биологиялық қубылысларға байланысы бар жаўын-шашынларды айтсақ болады. Суў кѳллериндеги суў пуўланып атмосфераға келип түседи. Суўығаннан соң, ол конденсатқа айланып, жерге жаўын яки қар түринде қайта түседи.
Самалдың пайда болыўы – Жерди қыздырыўшы қуяш нурлары энергиясы тәсиринде пайда болатуғын және бир тәбийий қубылыслардан бири. Ҳаўа қызғанда ол ҳаўа массасы менен толатуғын бослық пайда етип, жоқарыға кѳтериледи. Усы жол менен биз самал деп атаўшы ҳаўа ағымлары пайда болады. Күшли жаўын менен күшли самалдың қосылыў нәтийжесинде даўыл деп аталыўшы атмосфералық қубылыс пайда болады. Даўыл - атмосфералық қубылыслардың және бир мысалы бола алады.
Геологиялық қубылыслар – бул жер қабығында, геосфераның терең қабатларында пайда болатуғын қубылыслар. Адамның бир әўлады ѳмири даўамында кѳриў мүмкиншилине ийе болған геологиялық қубылыслардың жарқын мысалы ретинде вулканлы атаўлардың пайда болыў ҳәм қыйрап жоқ болыўы жағдайын айтсақ болады. Суў асты вулканларының атылыўы нәтийжесинде океанларда атаўлардың пайда болыўы жағдайларының бир неше мәрте жүз бергени белгили.
Тәбиятқа салмақлы дәрежеде тәсир кѳрсетиўши және бир геологиялық қубылыс бул жер силкиниўи, яғный, жер қабығындағы силкиниўге алып келиўши үлкен қозғалыслар. Жер силкиниўи нәтийжесинде Жердиң айырым бѳлеклери қозғалады, тѳменге шѳгеди яки кѳтериледи. Бул қубылыс елатлы аймақларға жүдә үлкен зыян келтиреди.
Биологиялық қубылыслар бул жанлы тәбиятта жүз беретуғын ҳәр бир қубылыс, мысалы ѳсимликлердиң гүллеўи ҳәм ҳайўанлардың уйқыға кетиў қубылыслары.