Фламинго ҳаққында қызықлы 10 факт
Ѳзбекстанда бир неше жыллардан берли шырайлы әжайып бир қубылыс бақланбақта. Республиканың батыс аймағына бәҳәр мәўсиминиң орталарында қызғылт фламинголар ушып келмекте. Жергиликли тилде «қызылғаз» деп аталыўшы мыңлаған сийрек гезлесетуғын жүдә шырайлы ҳәм жарқын қуслар мәмлекетимиз аймағында уя салып, бир неше ай даўамында қалады.
Ѳзбекстанда қызғылт фламинголарды мәмлекеттиң күнбатыс тәрепи есапланған Қарақалпақстанға барып кѳриўге болады. Экзотикалық қуслар Қарақалпақстанның Мойнақ районындағы Судочье кѳлине ушып келеди.
Қызғылт фламинго қусы Ѳзбекстан ҳәм басқа да еллердиң Қызыл китабына киргизилген. Тѳменде, сиз билимеўиңиз мүмкин болған бир неше қызықлы фактлерди келтиремиз.
1-факт. Негизинде, қызғылт фламинголар ақ реңнен парқы жүдә аз ақшыл пәрлерге ийе болады. Ҳақыйқый қызғылт реңге тек тийкарынан Қубла Америка ҳәм Кариб теңизи регионында жасаўшы қызыл фламинголар ғана ийе болады. Бул қуслардың тек ғана үш – қызғылт, қызыл ҳәм чили түри болып, олар бир-бирине жүдә уқсас болады.
2-факт. Бул қуслардың аты олардың жарқын реңин билдириўши латын тилиндеги flamenco — «жалын» деген сѳзден алынған.
3-факт. Бул қуслар айрықша шыдамлылыққа ийе. Фламинголар кѳбинше дузлы ҳәм силтили кѳл жағалаўларына қоныс басады: аяқларының териси қалың болғанлықтан, олар бундай суўларда ѳз саламатлығына зыян келтирместен, биймәлел жүре алады. Бундай суўларда дуз муғдарының жоқары болыўына байланыслы балықлардың болмаўы нәтийжесинде фламинголар жейтуғын майда суў шаянлары кѳп болады ҳәм сонлықтан олар усындай орынларға келеди.
4-факт. Бул қуслардың ең кишиси узынлығы 70-80 см, ал салмағы 2-2,5 кг болады. Ал ең ирилериниң бойы 1,5 метрге шекем жетип, салмағы 3,5-4 кг болады.
5-факт. Бул қуслар ушып биледи, бирақ жерден бираз аралыққа жуўырыў арқалы кѳтериледи. Ушыў пайтында олар узын мойынларын ҳәм аяқларын тегис, бир сызық бойлап созады.
6-факт. Фламинголар ортша 30 жылға шекем ѳмир кѳреди. Жабайы тәбиятта азырақ ѳмир кѳреди, бирақ жүдә аз емес, себеби тәбиятта олардың душпаны дерлик жоқ.
7-факт. Жабайы тәбиятта фламинголар үлкен колониялар болып жасайды, олардың саны кѳбинше бир неше жүз мыңға шекем жетеди. Бирақ, ѳткен әсирдиң орталарынан баслап, дүньяда олардың саны орынлардағы браконьерлердиң ҳәрекетлери нәтийжесинде қысқарып бармақта.
8-факт. Бул қуслар жүдә кѳп аўқат жейди. Ересек фламинголар суткасына ѳз салмағының тѳрттен бир үлесине тең муғдардағы аўқатлық затларды аңсат қабыллаўы мүмкин.
9-факт. Фламинголарда бир аяқта турып уйқылаў әдети бар. Бул усылды олар денесиндеги қуўатты тежеў ҳәм ыссылықты сақлап қалыў ушын қолланады.
10-факт. Фламингоның бас сүйегинде ѳзгеше бир қалқы бар. Ол қустың басын терис аўдарып, тумсығын ашып, аўқаттың ѳзи келип түсиўин күтип турыў имканиятын береди.