Штрих код дегенимиз не ҳәм оларда қандай мағлыўматлар болады?
Штрих код бул ҳәр қыйлы кѳлемдеги қара реңдеги сызықлар ҳәм араларында ақ реңдеги бос орынлар болған квадрат яки туўры мүйешли сүўретлер.
Штрих код ѳзинде ѳним ҳаққында мағлыўматты сақлайды. Мысалы, ѳним жетистирилген мәмлекет, ѳнимди ислеп шығарыўшы компания, ѳнимниң ѳзи ҳаққында мағлыўматлар. Штрих код Халықаралық Ассоциация “GS1” (EAN International, Бельгия) тәрепинен бериледи. Ҳәр бир ѳним дүнья жүзи бойлап тәкирарланбайтуғын ѳз алдына штрих-кодқа ийе болады.
Штрих кодлардың еки түри болады:
- Бир ѳлшемли яки 1D;
- еки ѳлшемли яки 2D (бул QR-код аты менен де мәлим).
- «1D» штрих коды дәптер, китаплар, электрон үскенелер, азық-аўқатлық затлар ҳ.т.б. сыяқлы әпиўайы ѳнимлерде қолланылады.
- «2D» штрих коды бир ѳлшемли штрих код сыяқлы, бирақ ѳзинде кѳбирек мағлыўматларды сақлайды. Турмыста 2D-штрих коды қолланылған жағдайларды жийирек ушыратамыз. Айырым ѳнимлер QR-кодқа ийе болып, оны телефон жәрдеминде сканерлеп алыўға болады.
Бул мақала жәрдеминде 1D штрих кодларын оқыўды үйренип аласан. Ѳзбекстанда ислеп шығарылған ѳнимлердеги штрих кодлар әдетте 13 саннан ибарат болады.
Жоқарыда азық-аўқатлық ѳнимниң штрих-коды мысал ретинде берилген.
Әдетте, ол 4 бѳлимнен ибарат болады:
- Мәмлекет код;
- Ислеп шығарыўшы коды;
- Товардың ѳзиниң коды;
- Қадағалаўшы сан.
4 7 8 0 0 3 6 8 6 3 4 1 6
Мәмлекет
коды
Ислеп шығарыўшы коды
Товардың коды
Қадағалаўшы сан
Штрих кодтағы дәслепки үш сан, мәмлекет кодын билдиреди. Ѳзбекстанда ол “GS1 Uzbekistan” шѳлкеми тәрепинен бериледи. Ҳәр бир мәмлекет ѳзиниң жеке кодына ийе.
Мысалы:
- 000 – 019 – АҚШ;
- 300 – 379 – Франция;
- 400 – 440 – Германия;
- 478 – Ѳзбекстан;
- 690 – 695 Кытай;
Ислеп шығарыўшы коды бул тѳрт ханалы сан болып, ол ҳәр бир мәмлекетте арнаўлы шѳлкем тәрепинен бериледи. Ѳзбекстанда бул “GS1 Uzbekistan” Ассоциациясы.
Товар коды шѳлкемниң ѳзи тәрепинен бериледи.
Қадағалаўшы сан бул штрих кодтағы ең соңғы сан. Оны тѳмендеги усыл жәрдеминде тексерип кѳрсек болады (жоқарыда кѳрсетилген штрих-код мысалында есаплап кѳремиз):
- Шрих-кодтағы жуп қатарлардағы санларды қосып шық (мысалы, штрих-кодтағы екинши қатардағы сан —7, тѳртинши — 0 ҳәм усылай даўам ет): 7+0+3+8+3+1= 22
- Шыққан санды 3 кѳбейт: 22*3=66
- Тақ қатардағы барлық санларды қосып шық (мысалы, штрих кодтың биринши қатарындағы сан — 4, үшинши сан — 8 ҳәм усылай даўам ет): 4+8+0+6+6+4=28
- Екинши ҳәм үшинши қатарлардағы санлардың суммасын қос: 66+28 = 94
- Шыққан санның ең соңғы санын белгилеп ал (94тиң ең соңғы саны - 4) бул санды 10нан алып тасла: 10 - 4 = 6
Шыққан нәтийже штрих кодтағы қадағалаўшы сан менен бирдей болыўы керек. Бул ѳнимниң ҳәм штрих кодтың ҳақыйқый екенлигин дәлиллейди.