Эйнштейн мектепте жүдә тѳмен баҳаларға оқығаны ҳақыйқатпа?
Альберт Эйнштейн мектепте тѳмен оқығаны, сабақларынан бәрқулла үш, еки, ҳәттеки бир баҳаларын алғаны ҳаққындағы гәплерди кѳп еситемиз. Әсиресе, уллы алымның математика пәнинен билими жүдә тѳмен болған деп айтылады.
Бул жалған мағлыўмат дәслеп қай жерден келип шыққанын түсиниў жүдә қыйын. Айырым дереклерге қарағанда, киши ҳәм орта мектеплерде оқыў дәўиринде баҳалаў кѳрсеткиши жоқары саннан тѳмен санға қарай кѳрсетилген, яғный 1 баҳасы «айрықша», ал 6 баҳасы «жүдә тѳмен» баҳаны билдирген (немец мектеплеринде әйне усы баҳа ең жоқары баҳа есапланған). Бирақ 1896-жылы Эйнштейн мектепти питкерерде, билимлендириў системасында ѳзгерислер болып, ең тѳмен баҳа болып «бир» баҳасы есапланған. Бир неше жыллардан соң, сол жыллардағы баҳалаў шкаласы басқаша болғанын итибарға алмаған ҳалда, кимдур оның баҳалар табелин кѳрип шоршып кеткен.
Екинши бир дереклерде, жалған мағлыўматтың келип шығыўын тѳмендегилерге байланыстырады, яғный, Эйнштейн ѳзиниң Салыстырмалық теориясы бойынша жумысларын кѳрип шығыўда, формулаларды тәкирарый тексерип, қәтелик итималлықларын сапластырыў ушын жийи тәризде математиклерди қатнастырған. Гейпара адамлар усыған тийкарланып, Эйнштейн математиканы жақсы билмейди деген пикирге келген. Негизинде, есаплаўларды басқа адамларға тексертип кѳриў, бул тәбийий жағдай, себеби адам бир жумыс үстинде узақ ўақыт ислесе, дыққаттың пәсейиўи ҳеш кимге сыр емес.
Ҳақыйқатында да, атақлы алым ҳеш қашанда математик болған емес, бирақ мектепте тек айрықша баҳаларға оқыған, 14 жасында интеграллық и дифференциаллық теңлемелерди шешип билген (ол ўақытлары балалар санаўды 15 жасынан баслап үйренген). Әдетте Эйнштейн барлық мектеп сабақлықларын ѳз бетинше үйренип, айрықша күш салыўсыз бир неше жыл алдыға илгерилеген.
Эйнштейн мектепте тѳмен баҳаларға оқыған дегенди, ѳзлери тек «еки» ҳәм «үш» баҳаларына оқыйтуғынлардың ѳзлерин ақлаўы («Апа, маған урыспа. Ҳәттеки Салыстырмалық теориясын ойлап тапқан адамда «еки» баҳасына оқыған»! Баҳалар – бул кѳрсеткиш емес…») ушын ойлап тапқаны болса керек..