QR-код дегенимиз не ҳәм бул технология қәўипсизбе?
QR-код – тез жуўап (Quick Response) коды болып, штрих-кодтың еки ѳлшемли версиясы есапланады. Ол мобиль қурылма арқалы сканерленгенде дәрҳәл мағлыўматты жеткерип береди. QR-код штрих-код сыяқлы ислейди. Бирақ 1D штрих-код тек ғана шептен оңға қарай, ал 2D QR-код болса шептен оңға ҳәм жоқарыдан тѳменге қарай оқылады. Ҳәр бир QR-код қара реңдеги квадрат ҳәм ноқатлардан ибарат болып, оларда мағлыўматлар шифровкаланган. Сканерленген ўақытта, штрих-код сүўрети қурылмалар тәрепинен оқылыўы қолайлы болған мағлыўматқа айналады.
Ҳәзирги күнде кѳпшилик адамлар QR-кодларды ѳзлериниң смартфонлары арқалы сканерлеп алыў имканиятына ийе. Егер сизиң телефоныңызда бундай имканият жоқ болса, QR-кодларды сканерлеў ушын кѳплеген бийпул қосымшалар бар. QR-кодты оқыў ушын телефон камерасын квадрат фигураға жақынлатып, қурылмаңыз арқалы сканерлеў керек болады. Сизиң мобиль телефоныңыз экранында силтемеге ийе хабар пайда болады. Силтемениң үстине басып, керекли бетке ѳтиў зәрүр болады.
QR-кодлардан пайдаланыў қәўипсизбе?
Барлық QR-кодлар қәўипсиз есапланбайды. Ҳәр бир адам QR-кодларды жаратып, ѳзи қызыққан қәлеген интернет бетин кодлаў мүмкиншилигине ийе екенлигин есапқа алыў керек. Алдаўшылар бул технологиядан аңсат ғана пайдаланыўы мүмкин. Мысалы, имараттың дийўалына илинген плакатта сыйылық пулы алыўыңыз ушын сизден кодты сканерлеп алып, анкетаны толтырыў соралады. Ал негизинде, алдаўшылар усындай жоллар менен сизиң жеке мағлыўматларыңызды қолға киргизип, оларды сизге қарсы қоллаўы мүмкин.
Басқаша қылып айтқанда, QR-кодты басып шығарып, итибарыңызды тартатуғын орынға қыстырып қойыўы ушын адамға ҳеш нәрсе тосқынлық етпейди. Буны есиңде сақла ҳәм сканерлеместен алдын ҳәр бир QR-кодты тексерип кѳр.
QR-кодлар ҳәм олардан қәўипсиз пайдаланыў ҳаққында кѳплеген жаңа затларды билип алдың деп үмит етемиз!