«Гүдибузарлар» менен қалай сѳйлесиў керек?
Қорқытыў ушын жиберилген хабарларға не ислеўге болады?
Маған белгисиз биреў социаллық тармақларда мениң кеўлиме ямаса жиниме тийетуғын хабарларды жибереди. Мен не ислеўим керек?
Егер биреў сизге кеўлиңизге ямаса жиниңизге тийетуғын хабарларды жиберсе, сиз мыналарды ислесеңиз болады.
● Алдын, “қорқынышлы” хабарларды жуўап ретинде оның ѳзине ЖИБЕРМЕҢ. Бундай жағдайларда сиз исенетуғын адам менен не болып атырғанлығын ҳәм буған деген ѳз кѳз-қарасыңызды айтып бериң.
● Егер сиз бул хабарларды жиберип отырған адамды танысаңыз, не ушын бул адам сизиң кеўлиңизге ямаса ашыўыңызға тийетуғын, сизди қәўетерге салатуғын хабарларды жиберип атырғанлығын сораў ушын оның менен ушырасыў ҳаққында ойланып кѳриң.
● Социаллық тармақлардағы платформалардың кѳпшилиги сиз қәлемеген адамларды “блоклаўға” мүмкиншилик береди. Бунда ол адамлар сиз бенен байланыса алмай, сизге хабар жибериў мүмкиншилигинен де айрылады. Фейсбукта жибериўшиниң профилин басып, кейин “блоклаў” түймесин басыўыңызға болады. Сизиң қолыңыздағы телефоныңыздың моделине қарап, бул түймениң кѳриниси ҳәр қыйлы болыўы мүмкин.
● Социаллық тармақлардағы платформалардың кѳпшилигинде гүдибузарлық ҳәм адамның ашыўын келтиретуғын ҳәдийселер бойынша қатаң қағыйдалар бар болып, бул сизге усы қағыйдаларды бузған адам ҳаққында хабар бериў мүмкиншилигин береди. Фейсбукта сиз усы қағыйдаларды бузғанлар ҳаққында хабар бериўиңиз мүмкин: олардың профилине кирип, “хабар бериў” түймешесин басыўыңыз керек.
● 18 жасқа толмағанлар ушын сизиң машқалаңызды додалаў мүмкин болған арнаўлы телефон номери бар. Оған қоңыраў етиў бийпул.