Жойбарлар ушын Интернеттен қалай пайдаланыўға болады?
Интернет мектеп сабақларын үйрениўге жәрдем бериўи мүмкин
Мен мектеп/университет жойбары бойынша изленбектемен. Буның ушын мен Интернеттен қалай пайдаланыўым керек?
● Интернетте әмелий жумыслар ҳәм излениўлер ушын жүдә кең кѳлемде мағлыўматлар бар. Сиз мағлыўмат алыў ушын излеў сайтларынан (Google.com, Yandex.ru) ямаса “Википедияны” пайдаланыўдан басласаңыз болады: излеў қатарына излеп атырған нәрсеңизге байланыслы тийкарғы гилт сѳзлерди киргизиң.
● Егер сиз мектеп ямаса университет ушын мағлыўмат излесеңиз, бәрҳа мағлыўмат ким тәрепинен жазылғанын тексериўиңиз керек (яғный, “дерек” қайдан, “автор” ким, ямаса “силтеме” қай жерден).
● Мектеп/университет жойбарлары ушын исенимли дереклер/силтемелер ретинде университетлер, илимий журналлар, ири шѳлкемлердиң веб-сайтлары, рәсмий лекциялар ҳәм т.б. болыўы мүмкин.
● Мағлыўмат алыў ушын пайдаланған веб-сайтларыңыздың дизимин жазып жүриң.
● Сол дизимди жойбарыңыздың библиографиясында (әдебиятлар дизими) кѳрсетиўиңиз керек болыўы мүмкин.
● Ең жақсы әмелият ретинде сиз мектеп/университет жойбары библиографиясына түп деректиң атын ҳәм ол ҳаққындағы қосымша мағлыўматларды киргизиўиңиз керек.
● Мағлыўматтың сәнесине де итибар бериң: сол тема бойынша мағлыўматлар жаңаланған болыўы да мүмкин. Статистикалық мағлыўматлар ҳәм кѳрсеткишлер жийи ѳзгерип турыўы да мүмкин.
● Интернетте оқығанларыңыздың барлығы да дурыс емеслигин умытпаң: исенимли деректи дыққат пенен таңлаң.