taklif.jpg

Жумыс бойынша бул усыныс ҳақыйқый ма?

Интернеттен келетуғын жумыс усыныслары

Маған биреў оларда мен ушын жумыс бар екенлиги ҳаққында хабар жиберди. Мениң айтылған орынға жеке ѳзим барып, танысыўымды усынбақта. Мен не ислеўим керек?

● Сен жумыс излеп қандай да бир жерге хабарластың ба ямаса жумыс излеп қандай да бир адам менен байланыстың ба? Егер керисинше болса онда бул хабар дузақ болыўы мүмкин, сонлықтан да абайлы бол!

● Саған усыныс етилген жумыс бериўши компания ямаса кеңсе ҳәм усыныс етилип атырған жумыс тараўы бойынша ѳзиң изленип кѳр. Буның ушын интернеттен пайдалан ямаса досларыңнан сорастыр.

● Интернетте биринши мәрте танысқан адамың менен ушырасыўды мақсет етсең, оғада абайлы болыўың керек!

● Ушырасыў ушын әдетте адам кѳп жерди таңлаң (мысалы, саўда орайы).

● Достыңа ямаса шаңарақ ағзаларыңа ӘЛБЕТТЕ кетип баратырған жериңди ҳәм ким менен ушырасатуғынлығыңды анық айтып кет!

● Достың ямаса шаңарақ ағзаларынан сени менен бирге сол ушырасыўға барыўды ѳтиниш қылғаның жүдә мақул болады.

Aldıng’ı Keyingi